Сабляшыларымыздан жоқары нәтийже
18

Усы жылдың 8-11-октябрь күнлери Ташкент қаласында Қылышпазлықтың сабля жөнелиси бойынша жаслар ҳәм ересеклер арасында Жәҳән кубогы беллесиўлери болып өтпекте.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан Алпамыс Уракбаев жекелик басқышында қарсыласларына имканият қалдырмады ҳәм 1-орынды ийелеп, алтын медальды командамыз есабына жазып қойды.
Ал, Мухаммад Али Турсынбаев болса, финал басқышына шекем жетип барып, жуўмағында сыйлы 2-орын ҳәм гүмис медаль ийесине айланды.