МӘЛИМЛЕМЕ-КИТАПХАНАЛЫҚ ЖУМЫС ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ

07.07.2013-ж. №166/XIII

МӘЛИМЛЕМЕ-КИТАПХАНАЛЫҚ ЖУМЫС ҲАҚҚЫНДА

 I БАП. Улыўма режелер

1-статья. Усы Нызамның мақсети
Усы Нызамның мақсети мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласындағы  қатнасықларды тǝртипке салыўдан ибарат.

 2-статья. Мǝлимлеме-китапханалық жумыс ҳаққындағы нызамшылық
Мǝлимлеме-китапханалық жумыс ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳǝм басқа нызам актлеринен ибарат.
Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының мǝлимлеме-китапханалық жумыс ҳаққындағы нызам актлеринде нǝзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шǝртнама қағыйдалары қолланылады.

3-статья. Тийкарғы түсиниклер
Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:
мǝлимлеме-китапханалық ресурс – материаллық объектте текст, сесли жазыў яки сүўретлеў түринде жазылған ҳǝмде идентификациялаў, сақлаў, ҳǝм пайдаланыўды тǝмийинлеў ушын реквизитлерге ийе болған мǝлимлеме;
мǝлимлеме-китапханалық жумыс – мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелериниң мǝлимлеме-коммуникациялық технологиялары тийкарында мǝлимлеме-китапханалық қорларын қǝлиплестириў ҳǝм мǝлимлеме-китапханалық хызметин  көрсетиўди шөлкемлестириў бойынша жумысы;
мǝлимлеме-китапханалық қоры – системаластырылған мǝлимлеме- китапханалық ресурслардың жыйындысы;
мǝлимлеме-китапханалық хызметин көрсетиў – пайдаланыўшылардың мǝлимлеме-китапханалық ресурслардан пайдаланыўын тǝмийинлеў;
жǝмлеме электронлы каталог – мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелериниң электронлы каталоглар топламы;
пайдаланыўшы – мǝлимлеме-китапханалық хызмети көрсетилиўи ушын мǝлимлеме-китапханалық мǝкемесинде дизимге алынған шахс;
электронлы каталог – системаластырылған мǝлимлеме-китапханалық ресурслары дизиминиң электронлы формасы;
электронлы китапхана – мǝлимлеме-китапханалық қорының электронлы формасы.

4-статья. Мǝлимлеме-китапханалық жумыстың тийкарғы ўазыйпалары
Мǝлимлеме-китапханалық жумысының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:
пайдаланыўшылардың мǝлимлеме-китапханалық  ресурслардан пайдаланыўын тǝмийинлеў;
пайдаланыўшылардың интеллектуал, руўхый-этикалық, мǝдений ҳǝм  билим алыў талапларын қанаатландырыў ушын шараят жаратыў;
миллий мǝдениятты тиклеўге ҳǝм жǝне де раўажландырыўға көмеклесиў, Өзбекстан ҳǝм  Қарақалпақстан халқының тарийхый, руўхый ҳǝм мǝдений мийрасын сақлаў;
мǝлимлеме-коммуникациялық технологиялары тийкарында мǝлимлеме-китапханалық ресурслардан өз-ара пайдаланыўды тǝмийинлеў.

II БАП. МӘЛИМЛЕМЕ-КИТАПХАНАЛЫҚ ЖУМЫС САЛАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН ТӘРТИПКЕ САЛЫНЫЎЫ

 5-статья. Мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласындағы мǝмлекетлик басқарыў
Мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласындағы мǝмлекетлик басқарыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳǝм ол мǝлимлеме- китапханалық жумыс тараўында арнаўлы ўǝкиллик берген мǝмлекетлик уйым  (буннан-былай арнаўлы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым деп жүритиледи) тǝрепинен ǝмелге асырылады.

6-статья. Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңесиниң мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласындағы ўǝкилликлери
Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңеси:
мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди;
мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды тастыйықлайды;
мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етеди;
мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелерин шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳǝм сапластырыў тǝртибин белгилейди.
Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңеси нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди  ǝмелге асырыўы мүмкин.

7-статья. Арнаўлы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым
Арнаўлы ўǝкилликли  мǝмлекетлик уйым:
мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласындағы мǝмлекетлик сиясаттың ǝмелге асырылыўында қатнасады;
мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығады ҳǝм ǝмелге асырады;
мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелериниң жумысын муўапықластырады;
мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳǝм нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығады ҳǝм қабыл етеди;
мǝлимлеме-китапханалық ресурсларын бийбаҳа ҳǝм айрықша қунлы мǝлимлеме-китапханалық ресурслар қатарына киргизиў тǝртибин, сондай-ақ оларды сақлаў ҳǝм олардан пайдаланыў тǝртибин белгилейди;
мǝлимлеме-китапханалық жумыс тараўындағы кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳǝм олардың билимин жетилистириўди шөлкемлестиреди;
жǝмлеме электронлы каталогты дүзиў ҳǝм жүргизиў тǝртибин тастыйықлайды.
Арнаўлы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди де ǝмелге асырыўы мүмкин.

8-статья. Мǝлимлеме-китапхана мǝкемелерин мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаў
Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелерин мǝмлекет тǝрепинен қоллап-қуўатлаў:
олардың финанслық ҳǝм материаллық-техникалық базасын беккемлеў;
мǝлимлеме-китапханалық жумысын раўажландырыўға инвестицияларды тартыў;
мǝлимлеме-китапханалық жумысын ǝмелге асырыўда салық жеңилликлерин ҳǝм басқа да жеңилликлерди белгилеў арқалы ǝмелге асырылады.

III БАП. МӘЛИМЛЕМЕ-КИТАПХАНА СИТЕМАСЫ

 9-статья. Мǝлимлеме-китапхана системасы ҳǝм де мǝлимлеме- китапханалық мǝкемелериниң түрлери
Мǝлимлеме-китапхана ситемасы жеке шөлемлестириўшилик ҳǝм методикалық тǝмийинлеў тийкарында ис жүргизиўши мǝлимлеме- китапханалық мǝкемелериниң жыйнағы.
Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелери ғǝрезсиз мǝкеме болыўы яки кǝрхана, мǝкеме ямаса шөлкемниң қурам бөлими болыўы мүмкин.
Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелерине төмендегилер киреди:
мǝлимлеме-китапханалық орайлары;
мǝлимлеме-ресурслық орайлары;
мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў ўйымларының китапханалары;
басқа китапханалар (пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, коммерциялық шөлкемлердиң китапханалары).
Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелери мǝлимлеме-китапханалық қорларының мазмуны ҳǝм белгиленген мақсетине қарай универсал ҳǝмде арнаўлы мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелерине бөлинеди.
Универсал мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелери мǝлимлеме-китапханалық қорларын билимниң түрли салалары бойынша дүзеди ҳǝм түрли тайпадағы пайдаланыўшылардың мǝлимлемеге болған талапларын қанаатландырады.
Арнаўлы мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелери мǝлимлеме-китапханалық қорларын билимниң бир яки бир неше түрлес салалары бойынша дүзеди ҳǝм айырым тайпадағы пайдаланыўшылардың мǝлимлемеге болған талапларын қанаатландырады.

10-статья. Мǝлимлеме-китапханалық орайы
Мǝлимлеме-китапханалық орайы Қарақалпақстан Республикасында Мǝлимлеме-китапханалық жумысын шөлкемлестириўши ҳǝм ǝмелге асырыўшы  универсал мǝлимлеме-китапханалық мǝкемеси.
Мǝлимлеме-китапханалық орайы:
Мǝлимлеме-китапханалық қорын дүзеди ҳǝм олардың пүтин сақланыўын тǝмийинлейди;
электронлы китапхана ҳǝм электронлы каталогты қǝлиплестиреди;
тийисли аймақта шығарылатуғын басылымлардың мǝжбүрий нусхаларын алады;
библиографиялық, илимий-методикалык ҳǝм мǝдений-ағартыўшылық жумысларын орынлайды;
тийисли аймақта мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелери искерлигин муўапықластырады ҳǝм оларды шөлкемлестириўшилик-методикалық жақтан   тǝмийинлеўди ǝмелге асырады;
жǝмлеме электронлы каталогты қǝлиплестириўде қатнасады;
мǝлимлеме-китапханалық ресурслардан өз-ара пайдаланыў ушын шараятлар жаратады;
басқа мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелери менен бирге ислесиўди ǝмелге асырады;
тийисли аймақта мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелериниң депозитар сақланатуғын мǝлимлеме-китапханалық ресурсларын топлаўды ǝмелге асырады ҳǝм олардың есабын жүргизеди.
Мǝлимлеме-китапханалық орайлары нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларды  ǝмелге асырыўы мүмкин.
Мǝлимлеме-китапханалық орайларының мǝлимлеме-китапханалық қоры мǝмлекет мүлки болып есапланады.
Мǝлимлеме-китапханалық орайы ҳаққындағы реже Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңеси тǝрепинен тастыйықланады.

11-статья. Мǝлимлеме-ресурслық орайлары
Мǝлимлеме-ресурслық орайлары мǝмлекетлик билимлендириў мǝкемелери жанында шөлемлестирилген, оқыўшы жаслардың, сондай-ақ халықтың мǝлимлемеге болған талапларын қанаатландырыўға қаратылған мǝлимлеме-китапханалық жумысын ǝмелге асырыўшы универсал мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелери.
Мǝлимлеме-ресурслық орайлары:
Билимлендириў мǝкемелериниң қǝнигелесиўине муўапық тийкарынан илимий билимлендириўге байланыслы мазмундағы мǝлимлеме-китапханалық қорын дүзеди ҳǝм оның пүтин сақланыўын тǝмийинлейди;
электронлы китапхана ҳǝм электронлы каталогты пайда етеди;
шахстың руўхый жақтан бай ҳǝм бǝркамал дөретиўшилик өсиўи ушын имканиятлар жаратқан ҳалда өзиндеги ҳǝм өзинен узақтағы мǝлимлеме-китапханалық ресурсларынан пайдаланыў тийкарында Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан халқының тарийхый, руўхый ҳǝм мǝдений мийрасын пайдаланыўшыларға жеткереди;
мǝлимлеме-китапханалық ресурсларынан өз-ара пайдаланыўды тǝмийинлейди;
басқа мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелери менен бирге ислесиўди ǝмелге асырады;
жǝмлеме электронлы каталогты қǝлиплестириўде қатнасады;
мǝдений, билимлендириў,  мǝлимлеме бағдарламалары ҳǝм жойбарларын ҳǝмде басқа да бағдарламалар ҳǝм жойбарларды биргеликте ǝмелге асырыў ушын билимлендириў, илимий мǝкемелер ҳǝм архивлер, жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары, миллий мǝдений орайлары ҳǝм басқа да шөлкемлер менен бирге ислесиўди раўажландырады.
Мǝлимлеме-ресурслық орайлары нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мумкин.
Мǝлимлеме-ресурслық орайларының мǝлимлеме-китапханалық қоры мǝмлекет мүлки болып табылады.
Мǝлимлеме-ресурслық орайы ҳаққындағы үлги реже Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңеси тǝрепинен тастыйықланады.

12-статья. Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларының китапханалары
Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларының китапханалары  нызамшылықта белгиленген тǝртипте мǝлимлеме-китапхана искерлигин ǝмелге асырыўшы арнаўлы мǝлимлеме-китапхана мǝкемелери.
Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларының китапханалары:
мǝлимлеме-китапханалық қорын дүзеди ҳǝм олардың пүтин сақланыўын тǝмийинлейди;
электронлы китапхана ҳǝм электронлы каталогты қǝлиплестиреди;
мǝлимлеме-китапханалық ресурсларынан өз-ара пайдаланыў ушын шараятлар жаратады;
басқа мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелери менен бирге ислесиўди ǝмелге асырады;
жǝмлеме электронлы каталогты дүзиўде қатнасады.
Мәмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымлары китапханаларының мǝлимлеме-китапханалық қоры мǝмлекет мүлки болып есапланады.
Мǝмлекетлик ҳǝкимият ҳǝм басқарыў уйымларының китапханалары ҳаққындағы режелер усы уйымлардың басшылары тǝрепинен тастыйықланады.

13-статья. Басқа китапханалар
Басқа китапханалар өз мǝкемелери тǝрепинен белгиленетуғын тǝртипте мǝлимлеме-китапханалық жумысты ǝмелге асырыўшы универсал яки арнаўлы мǝлимлеме-китапхана мǝкемелери болып табылады.
Басқа китапханалар:
мǝлимлеме-китапханалық қорын дүзеди ҳǝм олардың пүтин сақланыўын тǝмийинлейди;
электронлы китапхана ҳǝм электронлы каталогты пайда етеди;
мǝлимлеме-китапханалық ресурсларынан өз-ара пайдаланыў ушын шараятлар жаратады;
басқа мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелери менен бирге ислесиўди ǝмелге асырады;
жǝмлеме электронлы каталогты дүзиўде қатнасады.
Басқа китапханалардың мǝлимлеме-китапханалық қоры олардың шөлкемлестириўшилериниң мүлки болып есапланады.
Басқа китапханалар ҳаққындағы режелер олардың шөлкемлестириў-шилери тǝрепинен тастыйықланады.

14-статья. Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелерин шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳǝм сапластырыў
Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелерин шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳǝм сапластырыў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады.

IV БАП. МӘЛИМЛЕМЕ-КИТАПХАНАЛЫҚ ҚОРЫ

15-статья. Мǝлимлеме-китапханалық қорын қǝлиплестириў
Мǝлимлеме-китапханалық қорын қǝлиплестириў мǝлимлеме-китапханалық мǝкемесиниң мақсетлери ҳǝм ўазыйпаларына муўапық оны жǝмлеў, есапқа алыў, қайта ислеў, жайластырыў ҳǝм сақлаў арқалы ǝмелге асырылады.

 16-статья. Мǝлимлеме-китапханалық қорын жǝмлеў
Мǝлимлеме-китапханалық қоры басылымларды ҳǝм басқа да мǝлимлеме-китапханалық ресурсларын сатып алыў, оларға жазылыў, оларды алмастырыў, бийпул алыў, соның ишинде сыйлыққа алыў есабынан жǝмленеди.

 17-статья. Мǝлимлеме-китапханалық қорын есапқа алыў, қайта ислеў, жайластырыў, сақлаў ҳǝм оннан пайдаланыў
Мǝлимлеме-китапханалық қорын есапқа алыў, қайта ислеў, жайластырыў, сақлаў ҳǝм оннан пайдаланыў нызамшылықта белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады.
Мǝлимлеме-китапханалық қорын басылымлардың мǝжбүрий нусхасын алыў есабынан жǝмленетуғын, сондай-ақ бийбаҳа ҳǝм айрықша қунлы  мǝлимлеме-китапханалық ресурсларын өз ишине алған бөлими миллий мǝдений байлық болып, материаллық мǝдений мийрас объекти сыпатында сақланады.
Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелериниң материаллық техникалық тǝмийинлениўиниң жаманласыўына, оларды мийнетти қорғаў талапларына, мǝлимлеме-китапханалық қорларын сақлаў нормалары ҳǝм шараятларына сǝйкес келмейтуғын имаратларға көшириўге жол қойылмайды.

V БАП. ПАЙДАЛАНЫЎШЫЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚ ҲӘМ МИННЕТЛЕРИ

 18-статья. Пайдаланыўшылардың ҳуқықлары
Пайдаланыўшылар төмендеги ҳуқықларға ийе:
мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелерине кириў ҳǝм мǝлимлеме-китапханалық ресурсларынан пайдаланыў;
өз талапларына сǝйкес рǝўиште мǝлимлемени еркин таңлап алыў;
көрсетилетуғын хызметлердиң, соның ишинде төлемли хызметлердиң дизими ҳǝм оларды көрсетиў шǝртлери ҳаққында мағлыўмат алыў;
соралып атырған мǝлимлеме-китапханалық ресурсларының бары-жоғы ҳаққында мағлыўмат алыў.
Пайдаланыўшылар нызамшылыққа муўапық басқа да ҳуқықларға  ийе болыўы мүмкин. 

19-статья. Пайдаланыўшылардың миннетлери
Пайдаланыўшылар:
мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелеринде пайдаланыў қағыйдаларын сақлаўы;
мǝлимлеме-китапханалық ресурсларына ықтыятлы қатнаста болыўы, олардың жоғалыўына жол қоймаўы, зыян келтирген жағдайда белгиленген тǝртипте оның орнын қаплаўы;
мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелери жумысының сапасын пǝсейттириўге қаратылған ҳǝрекетлер ислемеўи шǝрт.
Пайдаланыўшылардың жуўапкершилигинде нызамшылыққа  муўапық басқа да миннетлер болыўы мүмкин.

20-статья. Физикалық имканиятлары шекленген пайдаланыўшыларға  мǝлимлеме-китапханалық хызметин көрсетиў
Физикалық имканиятлары шекленген пайдаланыўшыларға  мǝлимлеме-китапханалық хызметин көрсетиў мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелеринде арнаўлы техника қуралларынан пайдаланған ҳалда мǝлимлеме жазылған арнаўлы технологияларда мǝлимлеме-китапханалық ресурсларын усыныс етиў арқалы ǝмелге асырылады.

VI БАП. МӘЛИМЛЕМЕ-КИТАПХАНАЛЫҚ МӘКЕМЕЛЕРИН ҚАРЖЫЛАНДЫРЫЎ. МӘЛИМЛЕМЕ-КИТАПХАНАЛЫҚ МӘКЕМЕЛЕРИНИҢ БИРЛЕСПЕЛЕРИ. ХАЛЫҚАРАЛЫҚ БИРГЕ ИСЛЕСИЎ.

21-cтатья. Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелерин қаржыландырыў
Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелерин қаржыландырыў төмендегилер есабынан ǝмелге асырылады:
Өзбекстан Республикасы мǝмлекетлик  бюджети ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы бюджети қаржылары;
шөлкемлестириўшилердиң  қаржылары;
төлемли хызметлер көрсетиўден алынатуғын қаржылар;
нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дереклер.

22-статья. Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелериниң бирлеспелери
Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелери жумысын муўапықластырыў, сондай-ақ улыўма мǝплерди билдириў ҳǝм қорғаў мақсетинде нызамшылықта белгиленген тǝртипте бирлеспелер дүзиўи мүмкин.
Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелериниң бирлеспелери:
мǝлимлеме-китапханалық жумысын раўажландырыўға көмеклеседи;
мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласындағы мǝмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳǝм ǝмелге асырыўда қатнасады;
мǝлимлеме-китапханалық жумыс ҳаққындағы ҳүжжетлерди раўажландырыў көз-қарасынан усыныслар таярлайды;
мǝлимлеме-китапханалық кǝрханалары кадрларын қайта таярлаў ҳǝм билимин жетилистириўди шөлкемлестириўде қатнасады.
Мǝлимлеме-китапханалық мǝкемелериниң бирлеспелери нызамшылыққа муўапық басқа да ўǝкилликлерди ǝмелге асырыўы мүмкин.

23-статья. Мǝлимлемекитапханалық жумыс саласындағы халықаралық бирге ислесиў
Мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласындағы халықаралық бирге ислесиў ҳǝрекеттеги нызамларға ҳǝм халықаралық шǝртнамаларға муўапық ǝмелге асырылады.

VII БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР

24-статья. Тартысларды шешиў
Мǝлимлеме-китапханалық жумыс саласында жүзеге келген келиспеўшиликлер нызам актлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи.

25-статья. Мǝлимлемекитапханалық жумыс ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик
Мǝлимлеме-китапханалық жумыс ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.