Қарақалпақстан Республикасы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН: жаңаланыў ҳәм раўажланыў дәўири

Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстанның арқа-батыс бөлиминде, Әмиўдәрьяның төменги жағында, Арал теңизиниң қубла жағаларында жайласқан. Республика қубла-батыста Қарақум шөлине тутасқан. Арқа-батысында Үстирт тегислиги, ал, арқа-шығысында болса Қызылқум шөли жайласқан. Қарақалпақстан ўәлаятлар ишинде жер майданы бойынша биринши орында турады, яғный 166,6 мың квадрат километр. Республика халқының саны 1 миллион 881,9 мың адамнан аслам.

Республиканың ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси 16 район  ҳəм 1 қаладан ибарат. Булар: Әмиўдәрья, Беруний, Бозатаў, Елликқала, Төрткүл, Нөкис, Хожели, Тақыятас, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат, Мойнақ, Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районлары ҳәм пайтахт – Нөкис қаласы.

Қарақалпақстан – Өзбекстан Республикасы қурамындағы парламентлик басқарыў формасындағы суверен Республика. Қарақалпақстан Республикасы өз Конституциясы, байрағы, герби ҳәм гимнине ийе.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамлары Өзбекстан Республикасы Конституциясы менен нызамларына қайшы келмейди. Өзбекстан Республикасы нызамлары Қарақалпақстан Республикасы аймағында да мәжбүрий есапланады.

Республикаға улыўма басшылықты Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң (парламентиниң) Баслығы әмелге асырады.

Қарақалпақстан Республикасының жоқарғы атқарыў уйымы Жоқарғы Кеңес тәрепинен тастыйықланған Министрлер Кеңеси болып есапланады. Министрлер Кеңеси қурамына Баслық, оның орынбасарлары, министрлер, мәмлекетлик комитетлер баслықлары, ири концернлер менен бирлеспелердиң басшылары киреди. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қурамына киреди.

Ташкент қаласында, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Қарақалпақстан Республикасының турақлы ўәкилханасы жумыс жүргизеди.

Ғәрезсизлик жылларында елимиздиң басқа аймақлары қатарында Қарақалпақстанның раўажланыўына да айрықша итибар қаратылды. Соның нәтийжесинде республиканың барлық жерлеринде – пайтахт Нөкис қаласында, район орайлары менен аўылларда, ҳәтте, ең шетки аўылларда да түпкиликли өзгерислер жүз берип, ҳәр тәреплеме раўажланбақта.

Əсиресе, кейинги еки ярым жыл ишинде ҳүрметли Президентимиз Ш. Мирзиёев тәрепинен қабыл етилген, елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўының барлық бағдарларын белгилеп беретуғын Пәрман ҳәм Қарарлары, олардың жедел орынланыўы адамларымыздың турмыс тәризин түп-тийкарынан өзгертип жиберди. Бәринен бурын инсан ҳәм оның мәплерин гөзлеп алып барылып атырған избе-из реформалардың нәтийжеси елимиздеги ҳәр бир пуқараның бахытлы ҳәм абадан турмысы, өзине ҳәм журт келешегине болған беккем исениминде көринбекте.

Барлық ески жайлардың орнына жаңа, миллий жойбарлар тийкарында қурылып атырған сулыў имаратлар, шырайлы ҳәм пайызлы қыябанлар, ҳәттеки, аўылларымыздың, мәҳәллелеримиздиң өз-алдына «Абат аўыл», «Абат мəҳəлле» бағдарламалары тийкарында жаңа көриниске ийе болып атырғаны Президентимиз жаратып берип атырған имканиятлардың нәтийжеси болып табылады.

Бүгинги күнде Қарақалпақстанда өткен қысқа ўақыт ишинде бир қатар ири дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылды.

Тек ғана Қарақалпақстанның емес, ал пүткил елимиздиң мақтанышы болған, дүньяда «Саҳрадағы Лувр» деп даңқ таратқан И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң саўлатлы екинши корпусы қурылып, жоқары халықаралық стандартлар тийкарында үскенеленди ҳәм пайдаланыўға тапсырылды. Қарақалпақ мәмлекетлик Үлкетаныў музейиниң имараты, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов атындағы инталы балалар мектеп-интернаты, Әмир Темур атындағы дем алыў бағы, заманагөй имканиятларға ийе ири спорт комплекси қурылды. Имам Ийшан Муҳаммед жəмəəтлик мешити реконструкцияланып, заманға сай шырай ашты. Ал, Орайлық Азиядағы ең ири нефт-химия кəрханасы есапланған Үстирт газ-химия комплексиниң қурып питкерилиўи болса, елимиз экономикасының жəне де беккемлениўине беккем тийкар болмақта.

Сондай-ақ, Нөкис қаласында – «Нөкис полимер» ЖШЖ, «Нөкисэлектроаппарат» ЖШЖ жумыс алып бармақта. «SAMSUNG» бренди астында телевизор, шаңжутқыш ислеп шығарыў жолға қойылды. Мойнақ районы халқын орайласқан таза ишимлик суў менен тәмийинлеў ушын 101 километр «Қоңырат-Мойнақ» суў қубыры ҳәм суў бөлистириў объекти қурып питкерилди. Нөкис қаласы орайынан өтетуғын «Дослық» каналының еки жағасы абаданластырылып, бүгинги күнде бул орынлар халқымыздың ең сүйикли дем алыў орынларына айланған. Қараөзек районындағы «Қарақалпақ цемент», «Титан цемент», Тақыятас районындағы метал-конструкция ислеп шығарыў заводы, Елликқала районындағы «Бостан мега-текстил», Төрткүл районындағы «Вегатекс глобал», Шымбай районындағы «Lanеxtrakt» кәрханаларында да жумыслар жақсы жолға қойылды. Соның менен бирге, Нөкис қаласында «Нукус Мед Тех» ЖШЖ, Кегейли районында «Kegeyli qаg’аz» ЖШЖ, «Ланко-мия» кəрханасы, Əмиўдəрья районында «Аму Шохжахон» ЖШЖ, Шымбай районында «Пинток» кəрханасы тəрепинен медицина клиникасы иске түсирилди. Мойнақ районында Амфитеатр, «Мойнақ парлақ текстил» тигиўшилик кəрханасы, мəмлекетлик хызметлер орайы жаңадан қурылды ҳəмде футбол стадионы менен Мəденият сарайының реконструкциясы толық жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды. Жəне де, Нөкис қаласында Орайлық Азияда бирден-бир болған «Имкан» атлы Өзбекстандағы биринши қəнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мəкемеси пайдаланыўға тапсырылды.

Бүгин Қарақалпақстанда турмыс пүткиллей өзгермекте. Барлық қала ҳәм районлар, аўыллар жаңаша көриниске ийе болмақта. Заманагөй кәрханалар, билимлендириў, медицина, мәденият, спорт ҳәм социаллық тараўдың басқа да объектлери, коммуникация тармақлары қурылмақта. Бул болса, Қарақалпақстан Республикасының елимиздиң социаллық-экономикалық турмысында тутқан орны барған сайын артып атырғанынан дәрек береди.