Қорғаныў ислери басқармасы имараты пайдаланыўға тапсырылды

Бүгин Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы имаратының ашылыў салтанаты болып өтти. Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, республика сектор ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары басшылары қатнасты. Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар қатарында әскерий тараўға да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен әскерий хызметкерлерге ҳəм олардың шаңарақ ағзаларына қолайлы шараятлар жаратыў бойынша үлкен жумыслар алып барылмақта. Бул бағдарда Жоқарғы Кеңес Президиумының арнаўлы қарары тийкарында 6 млрд. сум қаржы ажыратылып, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының жаңа имараты қурып питкерилди. Әлбетте бул заманагөй жаңа имарат әскерий тараў хызметкерлерине ҳәм халқымызға еле узақ жыллар даўамында хызмет етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети