Урыс қатнасыўшыларына Президент саўғалары тапсырылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары Қадирбай Нарманов, Мария Ивановна ҳәм Галенко Иван Федотовичтиң шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды. Ветеранларды 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, Екинши жәҳән урысында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 79 жыллығы менен қызғын қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди. Президентимиздиң усы жыл 7-майдағы «Екинши жәҳән урысы қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында Екинши жәҳән урысы қатнасыўшысыларына 20 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық тапсырылды. Сондай-ақ, урыс қатнасыўшыларына мәмлекетимиз тәрепинен ажыратылған баҳалы саўғалар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен «Ардақлы нураный» көкирек белгиси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, ҳәкимликлер ҳәм бир қатар шөлкемлер атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети