Ишки ислер министрлиги Нөкис “Темурбеклер мектеби” әскерий-академиялық лицейи командасы “Әмир Темур избасарлары” пән олимпиадасында I орынды ийеледи

Өзбекстан Республикасы күш системалары жанындағы әскерий-академиялық лицейлерде билим алып атырған оқыўшылардың ең қәбилетлилерин анықлаў, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәмде қәбилетлерин жәнеде раўажландырыў мақсетинде усы жылдың 24-26-апрель күнлери Нөкис қаласында “Әмир Темур избасарлары” Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги кубогы пән олимпиадасы шөлкемлестирилди. Онда Республикада жумысы жолға қойылған “Темурбеклер мектеби”, “Жас шегарашылар” ҳәм “Жәлалатдин Мангуберди” атындағы әскерий-академиялық лицейлердиң оқыўшылары Өзбекстан тарийхы, инглис тили, математика ҳәм физика пәнлеринен беллести. Пән олимпиадасында әскерий-академиялық лицейлерде билим алып атырған жәми 48 оқыўшы қатнасты. “Әмир Темур избасарлары” пән олимпиадасы жуўмақларына бола улыўмалық команда есабында сыйлы I орынды Ишки ислер министрлиги Нөкис “Темурбеклер мектеби” әскерий-академиялық лицейи командасы, II орынды Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара күшлери “Жас шегарашылар” әскерий-академиялық лицейи командасы ҳәм III орынды Қорғаныў министрлиги Ферғана “Темурбеклер мектеби” әскерий-академиялық лицейи командасы қолға киргизди. Пән олимпиадасында жеңимпазлықты қолға киргизген барлық оқыўшы ҳәм командалар Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен сыйлықланды. Олимпиада қатнасыўшылары өз-ара беллесиўлер менен бир қатарда түрли руўхый-ағартыўшылық илажларында қатнасты.