РЕКЛАМА ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
28.08.1999-ж. №463/I

 РЕКЛАМА ҲАҚҚЫНДА

Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген:
12.11.2003-ж.227/II-санлы ҚР Нызамы
05.10.2007-ж. 165/III-санлы ҚР Нызамы
26.12.2007-ж. 180/III-санлы ҚР Нызамы
22.05.2010-ж. 31/II-санлы ҚР Нызамы
30.06.2011-ж. 88/VI-санлы ҚР Нызамы
30.09.2014-ж.229/XVI-санлы ҚР Нызамы
18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы
26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы

 1-статья. Нызамның мақсети ҳǝм ўазыйпалары
Нызамның мақсети рекламаны таярлаў ҳǝм тарқатыў менен байланыслы болған қатнасықларды тǝртиплестириўден ибарат.
Нызамның тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден турады:
юридикалық ҳǝм физикалық шахслар яки өнимлер ҳаққында мǝлимлеме ағымын қǝлиплестириў; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
исбилерменлик ҳǝм тутыныў мǝдениятын жетилистириў;
рекламаның мǝмлекетлик ҳǝм жǝмийетлик мǝплерге, ǝдеп-икрамлылық жǝне руўхыйлықтың улыўма қабыл етилген нормаларына, юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың исшеңлик абырайына, қоршап турған орталықтың жағдайына қаслық етиўден қорғаныў илажларын тǝмийинлеў; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
өнимниң характери, таярланыў усылы ҳǝм орны, тутыныў қǝсийетлери, сапасы ҳǝм басқа да сыпатлары, оны реализация етиў шǝртлери ҳаққында тутыныўшыны алжастыратуғын жалған яки анық емес мағлыўматлардың реклама қуралында тарқатылыўының алдын алыў.

2-статья. Нызамның қолланыў саласы
Қарақалпақстан Республикасы аймағында реклама таярлаў ҳǝм тарқатыў менен байланыслы болған қатнасықларда усы Нызам басшылыққа алынады.
Бул Нызам, социаллық ўақыяларды, сиясий партиялардың, диний шөлкемлер ҳǝм жǝмийетлик бирлеспелердиң мǝплерин сǝлелендириўши жǝне оларды қоллап-қуўатлаўға арналған мǝлимлеме менен байланыслы болған қатнасықларға тийисли емес.

3-статья. Реклама ҳаққындағы нызам актлери
Реклама ҳаққындағы нызам актлери усы Нызам ҳǝм басқа нызам актлеринен ибарат.
Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының реклама ҳаққындағы нызам актлериндегиден басқаша қǝделер белгиленген болса, халықаралық шǝртнама режелери қолланылады.

4-статья. Тийкарғы түсиниклер
Бул Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:

(18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында алып тасланған)

реклама – тиккелей яки биреўдиң жǝрдеми арқалы пайда (дǝрамат) алыў мақсетинде юридикалық яки физикалық шахслар, өним, соның ишинде товар белгиси, хызмет көрсетиў белгиси ҳǝм технологиялар ҳаққында ҳǝр қыйлы формада ҳǝм ҳǝр қыйлы қураллар жǝрдеминде нызам ҳүжжетлерине муўапық тарқатылатуғын арнаўлы хабар; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
реклама бериўши – рекламаны таярлаў ҳǝм (ямаса) тарқатыў ушын оған  буйыртпашы болған шахс. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
реклама таярлаўшы – реклама толық яки бир бөлегин таярлаўды ǝмелге асырыўшы тǝреп;
реклама тарқатыўшы – реклама қураллары арқалы реклама тарқатыўды ǝмелге асырыўшы тǝреп;
рекламадан пайдаланыўшы – реклама бағдарланған тǝреп ямаса олардың топары;
реклама қураллары – рекламаны оннан пайдаланыўшыға жеткериў ушын қолланылатуғын қураллар;
өним – товарлар, жумыслар, хызметлер;
қарсы реклама – надурыс (инсапсыз, көз-көреки жалған) реклама келтирип шығарған яки келтирип шығарыўы мүмкин болған ақыбетлерди сапластырыў мақсетинде тарқатылатуғын бийкарлаў.

5-статья. Рекламаның тили
Қарақалпақстан Республикасы аймағында реклама Қарақалпақстан Республикасының мǝмлекетлик тиллеринде яки реклама бериўшиниң қǝлеўине қарай басқа тиллерде тарқатылады. Белгиленген тǝртипте дизимге алынған товар белгилери (хызмет көрсетиў нышанлары), баспа усылында терилген буўынлы белгилер (логотиплер) нусқасы қайсы тилде болса, сол тилде келтирилиўи мүмкин.

6-статья. Рекламаға тийисли тийкарғы талаплар
Нызамлылық, анықлық, исенимлилик, рекламадан пайдаланыўшыға руўхый ҳǝм материаллық зыян келтирмейтуғын формалар ҳǝм қураллардан пайдаланыў рекламаға қойылатуғын тийкарғы талаплар болып табылады.
Рекламада төмендегилер қадаған етиледи:
ислеп шығарылыўы яки реализация етилиўи нызам актлери менен қадаған етилген өним ҳаққында мǝлимлеме тарқатыў;
жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық шығысы, көзқараслары, жеке ҳǝм социаллық аўҳалына жǝне басқа да жайдайларға қарап кемситиў яки өзге тǝреплер өниминиң абырайын түсириў;
нызам актлериниң бузылыўына алып келиўи мүмкин болған, пуқаралардың денсаўлығы яки өмирине ҳǝм қоршап турған орталыққа зǝлел келтириўши ямаса зыян келтириўи мүмкин болған, сондай-ақ қǝўипсизлик қуралларын писент етпеўге ийтермелеўши ҳǝрекетлерге шақырыў;
мǝжбүрий сертификатластырылыўы зǝрүр болған яки ислеп шығарылыўы ямаса реализация етилиўи ушын арнаўлы рухсатнама (лицензия) болыўы талап етилетуғын өнимди тийисли сертификаты, лицензиясы болмастан реклама етиў;
егер авторлық ҳуқықы яки оған байланыслы ҳуқықлар ҳаққындағы нызам актлеринде басқаша реже нǝзерде тутылған болмаса, басқа өним рекламасында қолланылатуғын улыўма шешим, текст, сүўрет, музыкалы жǝне ҳаўазлы эффектлерди дǝл тǝкирарлаў (көширме ислеў яки уқсатыў);
физикалық тǝрептиң аты яки сүўретинен оның келисимисиз пайдаланыў;
порнографияны тарқатыў;
мǝлимлеме мазмунының бузылыўына алып келиўи мүмкин болған шет ел сөзлери ҳǝм ибараларына пайдаланыў;
өним мǝмлекетлик уйымлар ямаса олардың лаўазымлы шахслары тǝрепинен мақулланғанлығын көрсетиў;
қатнасыў ушын белгили бир өнимди алыў шǝрти қойылған хошаметлеўши лотерея, таңлаў, ойын ямаса усыған усас басқада илажлар өткериўди илаждың шөлкемлестириўшисин, оны өткериў қағыйдалары ҳǝм мүддетлерин, бундай илаж ҳаққындағы мǝлимлеме дерегин, сыйлықлар ямаса утыслар муғдарын, оларды алыў мүддетлери, орны ҳǝм тǝртибин көрсетпеген ҳалда реклама етиў;
өнимлерди товар белгиси ямаса хызмет көрсетиў белгиси реклама етиў қадаған етилген яки реклама етиўге байланыслы тийисли шеклеўлер ямаса талаплар белгиленген өнимниң товар белгиси яки хызмет көрсетиў белгиси менен алжастырып жиберетуғын дǝрежеде бир қыйлы ямаса оған дǝл уқсас болған басқада өнимниң рекламасы көринисинде реклама етиў.

7-статья. Жас өспиримлерге арналған рекламаға тийисли шеклеўлер
Төмендеги реклама қадаған етиледи:
тек ғана жас өспиримлерге арналған яки кǝмалат жасына толмағанлардың алыўы ямаса тутыныўы қадаған етилген өнимди жас өспиримлердиң тутынып яки пайдаланып атырғаны түсирилген реклама;
жас өспиримлерди өним алыўға яки рекламаланып атырған өнимди алыўды өтиниш етип үшинши мүрǝжат етиўге шақырыўшы реклама;
ҳақыйқый яки ойыншық қуралдан пайдаланылған реклама.

8-статья. Реклама бериўшиниң ҳуқық ҳǝм миннетлери
Реклама бериўши төмендеги ҳуқықларға ийе:
реклама бойынша шǝртнама дүзиў ҳаққында жǝриялы усыныс (ғалаба оферта) киргизиў;
реклама таярлаўшы ҳǝм тарқатыўшы шǝртнаманы тийкарсыз рǝўиште бийкарлаған жағдайларда, келтирилген зǝлелдиң орнын жǝне руўхый зыянды өтеў ҳаққында даўа арза менен судқа мүрǝжат етиў.
Реклама бериўши:
реклама таярлаўшы яки тарқатыўшының талабы бойынша реклама мǝлимлемесиниң исенимлилигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди усыныўы;
егер реклама бериўшиниң жумысы лицензияланыўы зǝрүр болса, өнимди яки реклама бериўшиниң өзин рекламалап атырғанда тийисли рухсатнаманы усыныўы шǝрт.
Реклама бериўши нызам актлерине муўапық басқа ҳуқықларға ийе болыўы ҳǝм басқа да миннетлерди орынлаўы мүмкин.

9-статья. Реклама таярлаўшы ҳǝм тарқатыўшының ҳуқық ҳǝм ўазыйпалары
Реклама таярлаўшы ҳǝм тарқатыўшы төмендеги ҳуқықларға ийе:
ғалаба оферта жиберилген тǝрептен белгиленген тǝртипте акцент алғаннан кейин реклама бериўши шǝртнама дүзиўден бас тартқан жағдайларда, бул тǝрепти шǝртнама дүзиўге мǝжбүрлеў ҳаққында ҳǝм реклама бериўшиниң шǝртнама дүзиўден тийкарсыз рǝўиште бас тартқанлығы себепли келтирилген зǝлелди өтеў ҳаққындағы талабы бойынша судқа мүрǝжат етиў;
нызам актлеринде белгиленген жағдайларда реклама бериўшиден тийисли лицензияны талап етиў.
Реклама таярлаўшы ҳǝм тарқатыўшы:
усы Нызамда белгиленген реклама жумысы ҳǝм қǝўендерлик етиў қǝделерин орынлаўы;
мǝлимлеме яки басқа материалды берген тǝреп ҳаққындағы мағлыўматларды оның келисимисиз жǝрия етпеўи;
реклама бериўши нызам актлериниң бузылыўына алып келиўи мүмкин болған мағлыўмат берген жағдайда реклама бериўшини бул ҳаққында ўақтында хабардар етиўи тийис.
Реклама таярлаўшы ҳǝм тарқатыўшы нызам актлерине муўапық басқа ҳуқықларға ийе болыўы жǝне басқа миннетлерди орынлаўы мүмкин.

10-статья. Рекламаға тийисли авторлық ҳуқық
Рекламаға болған авторлық ҳуқық ҳǝм оған байланыслы ҳуқықларды тǝртиплестириў нызам актлерине муўапық ǝмелге асырылады.

11-статья. Рекламаны идентификациялаў
Реклама, оны тарқатыў түрлери яки қуралларынан ғǝрезсиз, басқа мǝлимлемеден реклама деп есаплаў мүмкин болатуғын дǝрежеде ажыратылған болыўы керек.
Телевидение ҳǝм радиодағы реклама басқа бағдарламалардан оның басланыўы ҳǝм тамамланыўында аудио-, видео-, аралас қураллар яки алып барыўшының түсиниклери жǝрдеминде ажыратып қойылыўы тийис.
Өнимге қызығыўды қǝлиплестириў менен өним реализациясына жǝрдемлесиў ушын өнимниң белгили маркасына (моделине, артикулына) яки оның өндириўшисине тутыныўшының дыққатын арнаўлы тартыўшы, сондай-ақ усы өнимди өндириўши ямаса тарқатыўшы тǝрепке тийисли мағлыўматлардан (реквизитлерден) ибарат мǝлимлеме материалы, авторлық жǝне редакция материалы – реклама болып есапланады ҳǝм ол «Реклама» яки «Реклама орнына» рубрикасы менен жайластырылыўы тийис.

12-статья. Қǝўендерлик
Теле ҳǝм радио көрсетиўлерди дөретиўде, басқа ғалаба хабар қураллары ушын материаллар таярлаўда, театр – концерт бағдарламалары ҳǝм усы бағдардағы ҳǝр қыйлы илажларды уйымластырыўда қǝўендерлер қатнасыўы мүмкин.
Реклама телевидение ҳǝм радио, аудиовизуаль өним менен байланыслы болған жǝне қǝўендерлер хызметлеринен пайдаланылатуғын жағдайда, қǝўендерлер ҳаққындағы мǝлимлеме бағдарламасының басланыўында, ақырында қысқа ҳǝм анық белгилениўи тийис. Қǝўендердиң аты жанында яки қǝўендердиң орнына оның товар белгиси (хызмет көрсетиў белгиси) көрсетилиўи мүмкин.
Жаңалықлар ҳаққындағы телерадио бағдарламаларда қǝўендерлердиң хызметлеринен пайдаланыўға жол қойылмайды.
Қǝўендерлик етиўши өзи қǝўендерлик етип атырған тǝрептиң жумысына араласыўға ҳақылы емес.

13-статья. Надурыс реклама
Анық емеслиги, еки түрли мǝнисти аңлатыўы, бөрттирип жибериўи, жасырып кетиўи ақыбетинде, рекламаны тарқатыў ўақты, орны ҳǝм усылына қойылған талапларды жǝне нызам актлеринде нǝзерде тутылған басқа да қǝделерди бузыўы салдарынан рекламадан пайдаланыўшыларды алжастырыўшы яки алжастырыўы мүмкин болған тǝреплерге, сондай-ақ мǝмлекетке мүлкий зǝлел менен руўхый зыян келтириўи мүмкин болған реклама надурыс реклама болып есапланады.
Надурыс реклама қадаған етиледи.
Рекламаны надурыс деп табыў ҳаққындағы шешимди Қарақалпақстан Республикасының Меншиклестирилген кǝрханаларға көмеклесиў ҳǝм бǝсекиликти раўажландырыў комитети яки оның аймақлық уйымлары (буннан былай тексте ўǝкилликке ийе мǝмлекетлик уйым деп жүргизиледи) қабыл етеди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)

 14-статья. Жасырын реклама
Жасырын реклама тутыныўшының уғымына оны өзи аңламаған рǝўиште тǝсир ететуғын, соның ишинде арнаўлы видеоқосымшалардан (қос ҳаўазлы жазыўдан) пайдаланыў жолы менен ҳǝм басқа усыллар менен тǝсир ететуғын реклама болып табылады.
Жасырын рекламадан радио-, теле-, видео-, аудио- ҳǝм кино өнимлеринде, сондай-ақ басқа өнимлерде пайдаланыўға ҳǝм оны басқаша усыллар менен тарқатыўға жол қойылмайды.
Рекламаны жасырын деп табыў ҳаққындағы шешимди мǝмлекетлик ўǝкилликли уйым нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тǝртипте қабыл етеди.

15-статья. Салыстырмалы реклама
Салыстырмалы реклама – бǝсекилеске яки ол усынған анық бир түрдеги өнимге тиккелей ямаса тиккелей емес идентификацияланатуғын реклама болып табылады.
Егер рекламада өнимниң материаллық ǝҳмийети, исенимли көрсеткишлери бийтǝреп ҳǝм ҳақыйқый салыстырылса, егер бунда реклама оннан пайдаланыўшыны алжастырмаса жǝне алжастырыўы мүмкин болмаса, реклама бериўши менен бǝсекилестиң товар белгилери (хызмет көрсетиў белгилери), фирмалық аты, өними араласып кетпесе ҳǝм бǝсекилестиң исшеңлик дǝрежесин яки оның товар белгисиниң (хызмет көрсетиў белгисиниң), фирмалық атының, өниминиң ямаса жумысының абырайын түсирмесе, салыстырмалы рекламаға жол қойылады.

16-статья. Социаллық рекламалы мǝлимлеме
Социаллық рекламалы мǝлимлеме денсаўлықты сақлаў, қоршап турған орталықты қорғаў, энергия ресурсларын сақлап қалыў, ҳуқық бузыўлардың алдын алыў, халықты социаллық қорғаў ҳǝм қǝўипсизлигин тǝмийинлеў, руўхыйлық жǝне ағартыўшылық мǝселелерине тийисли мǝлимлеме, сондай-ақ коммерциялық емес түрдеги басқа мǝлимлеме болып табылады.
Тǝреплердиң социаллық рекламалы мǝлимлемени тегинге таярлаў ҳǝм тарқатыўға тийисли жумысты, өз мүлкин (соның ишинде ақша қаржыларын) социаллық рекламалы мǝлимлеме таярлаў жǝне тарқатыў ушын басқа тǝреплерге бериўи қайырхомлық жумысы деп табылады. Бундай тǝреплер  нызам актлеринде нǝзерде тутылған жеңилликлерден пайдаланады.
Реклама тарқатыўшылар реклама ушын ажыратылған эфир ўақты, басылым ямаса реклама майданының улыўма жыллық көлеминиң 5 процентинен кем болмаған көлемде социаллық рекламалы мǝлимлемени жайластырыў шǝрт. Бунда жумысы Қарақалпақстан Республикасы мǝмлекетлик бюджети есабынан толық ямаса бир бөлегинде қаржыландырылатуғын реклама тарқатыўшылар социаллық рекламалы мǝлимлемени бийпул жайластырады.

17-статья. Телевидение ҳǝм радиодағы реклама
Теле ҳǝм радио шөлкемлер ушын рекламаға ажыратылған көрсетиў (еситтириў) ўақты көрсетиўдиң (еситтириўдиң) ҳǝр бир саатының 5 пайызынан асып кетпеўи керек. Бул талап көрсетиўдиң (еситтириўдиң) арнаўлы реклама каналларына қойылмайды.
45 минуттан артық даўам ететуғын концерт-тамаша жǝне спорт бағдарламалары кино ҳǝм телефильмлер реклама ушын толық 45 минутлық ўақыт аралығында ең көби бир мǝрте үзип қойылыўы мүмкин. Реклама бул көрсетиўлердиң (еситтириўлердиң) басланыўынан алдын ҳǝм оның тамамланыўынан соң жайластырылыўы да мүмкин. 10 минуттан кем даўам ететуғын телекөрсетиўлерге (радиоеситтириўлерге) улыўма, 10 минуттан артық даўам ететуғын телекөрсетиўлерге (радиоеситтириўлерге) болса бул телекөрсетиўлердиң (радиоеситтириўлердиң) авторлық ҳуқықының ийеси менен келиспестен реклама жайластырылыўы мүмкин емес.
Мǝмлекетлик ǝнжүманлар ҳǝм мǝресимлер алып көрсетилип атырған (еситтирилип атырған) ўақытта оны үзип қойып рекламаны көрсетиў (еситтириў) қадаған етиледи.
Балаларға (он төрт жасқа дейинги) арналған көрсетиўлерде (еситтириўлерде) реклама қадаған етиледи. Бул қадаған етиў социаллық рекламалы мǝлимлемеге тийисли болмайды.
Бағдарламалардың реклама бөлимлери сестин телерадио бағдарламаның сестине қарағанда бǝлентирек қойыў қадаған етиледи.
Телекөрсетиўлер берилип атырғанда реклама мақсетлеринде ҳǝрекетшиң сөз қатарларынан пайдаланыў қадаған етиледи, реклама берилап атырған ўақыттағы ҳǝрекет етиўши сөз қатарлары оған кирмейди.
Телекөрсетиўлердиң алып барыўшылары, дикторлары ҳǝм басқа қатнасыўшылары реклама ушын ажыратылған ўақыттан тыс пайытта өнимди биле турып көргизбе ислеў яки оның тутыныў қǝсийетлерин тиккелей ямаса дǝлдалшылық бағытта сыпатлаў ҳуқықына ийе емес.
Телевидение ҳǝм радио хызметкерлериниң мǝлимлеме бǝнеси менен реклама менен айланысыўына, яғный өним ислеп шығарыўшының реквизитлерин, жайласқан орнын, телефон номерин, өнимниң коммерциялық белгилерин көрсетиўине тыйым салынады.

18-статья. Басылма ғалаба хабар қуралларындағы реклама
Басылма ғалаба хабар қуралларындағы рекламаның көлемин, тематикасын усы ғалаба хабар қураллары өз бетинше белгилейди. Жазылыў бойынша тарқатылатуғын басылма қураллар жазылыў шǝртлеринде басылымның улыўма көлеминдеги реклама муғдарын көрсетиўи шǝрт.
Рекламалық бағдардағы хабарлар ҳǝм материалларды берип барыўға қǝнигелеспеген ўақытлы басылымда реклама ўақытлы басылымның бир саны көлеминиң 40 пайызына асып кетпеўи шǝрт, қалған реклама бийпул қосымша тǝризде берилиўи керек.

19-статья. Телефон ҳǝм ҳүжжетли электр байланысынан пайдаланылатуғын реклама
Телекс ҳǝм факсимиль байланыс жǝрдеминде реклама ислеў, егер алыўшының арнаўлы сораўы болмаса, бир мǝнзилге бир беттен артық болмаған көлемде бир мǝрте жөнелтиўге жол қойылады.
Жергиликли қалааралық яки халықаралық телефон байланысынан пайдаланылатуғын рǝўиште көрсетилетуғын хызметлер рекламасы реклама қуралларында тарқатылатуғын жағдайда төмендеги анық мағлыўматлардан турыўы тийис:
хызметтиң төлемли яки тегин екенлиги ҳǝм оның баҳасы ҳаққында мағлыўмат;
усынылған хызметтиң мазмуны ҳаққындағы мағлыўмат;
хызмет тутыныўшыларына нызам актлеринде белгиленген ҳǝм хызметтиң ислеп шығарыўшысы тǝрепинен белгиленген жас бойынша, сондай-ақ басқа да шеклеўлер ҳаққындағы мағлыўмат;
телефон байланысы каналынан төлемли пайдаланыў ҳǝм тийисли регионда хызметтен 1 минут пайдаланыўдың баҳасы ҳаққында мағлыўмат.
Усы статьяның екинши бөлиминде нǝзерде тутылған мағлыўмат реклама хызметин усыныў ушын пайдаланылатуғын телефон номери терилген шрифт көлеминиң кеминде ярымына тең көлеми шрифт пенен басылыўы шǝрт.
Милиция, тез медициналық жǝрдем, өрттен сақлаў ҳǝм соған уқсас хызметлердиң бийпул хызмет көрсететуғын телефон номерлеринен реклама тарқатыў ушын пайдаланыўға тыйым салынады.

20-статья. Сыртқы реклама
Сыртқы рекламаға айрықша арнаўлы конструкцияларда, тахта бетлеринде, экранларда, биналарда, имаратларда, жол шетлеринде, көше жақтыландырыўшыларының реклама киреди.
Сыртқы рекламаны жайластырыў тǝртиби жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары тǝрепинен өз ўǝкилликлери шеклеринде белгиленеди.
Белгили бир тǝреп ийелеп турған имараттың сыртқы тǝрепинде, имаратқа кирер жерде усы тǝреп ҳаққында жайластырылған яки усы тǝрептиң өними туўралы усы имарат витринасындағы мағлыўмат-реклама деп есапланбайды ҳǝм буның ушын жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының рухсатын алыў талап етилмейди.
Сыртқы рекламаны көше жақтыландырғышларының тиреўишлерине ҳǝм көше жǝне жоллардың қатнаў бөлегин бойлап жайластырыў қǝўипсизлик техникасы талапларына бойсынған рǝўиште ҳǝм жол белгилери, светофорлар, кесиспелер, пиядалардың өтиў орынлары, улыўма пайдаланыўдағы транспорт қураллары бǝндиргилерин беклеп қоймаған жағдайда, сондай-ақ бундай реклама жол белгилери сүўретин тǝкирарламайтуғын жағдайда ǝмелге асыралады.
Тǝбиятты қорғаў объектлери шеклеринде сыртқы реклама жайластырыўға жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары яки тийисли мǝмлекетлик басқарыў уйымларының ўǝкилликлери шегинде олар менен келисилген рǝўиште рухсат бериледи.
Сыртқы рекламаны материаллық мǝдений мийрас объектлеринде, жол белгилеринде ҳǝм светофорларда, олардың тиреклеринде яки ҳǝрекетти тǝртипке салып турыўшы басқа ҳǝр қандай қурылмаларда, сондай-ақ терекзарларды жоқ етиў ҳǝм аймақиағы абаданластырыў ислерин бузыў жолы менен орналастырыў қадаған етиледи. (26.12.2018-ж. 225/XXIV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)

21-статья. Транспорттағы ҳǝм почта жөнелтпелериндеги реклама
Реклама транспорт қуралларында, тек ғана олардың ийелери яки мүлк ийелери менен келисилген рǝўиште ҳǝм де қǝўипсизлик талаплары жǝне жол ҳǝрекети қǝделерине муўапық жайластырылыўы мүмкин.
Рекламаны улыўма пайдаланылатуғын транспорт қуралларында, вокзалларда ҳǝм аэропортларда жолаўшыларға хабар бериўши ҳаўазлы тармақлар арқалы тарқатыў қадаған етиледи, социаллық рекламалы мағлыўмат буған кирмейди.
Рекламаны почта жөнелтпелери арқалы тарқатыў белгиленген тǝртипте шǝртнама тийкарында ǝмелге асырылады. (26.12.2007-ж. 180/III-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)

22-статья. Дǝри-дǝрмақлар, косметика ҳǝм турмыслық химия қураллары рекламасы (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
Дǝри-дǝрмақлар рекламасында төмендегилер болыўы шǝрт:
дǝриниң толық аты (соның ишинде халықаралық фармакологиялық аты) ҳǝм ислеп шығарыўшының аты;
дǝриден пайдаланыў яки оны қолланыў ҳаққында мағлыўмат.
Төмендегилерди рекламалаў қадаған етиледи:
тек ғана шыпакердиң көрсетпеси (рецепти) бойынша берилетуғын дǝрилер;
қурамында гиябентлик ҳǝм психотроп затлары болған дǝрилер;
Өзбекстан Республикасында медицинада қолланыўға рухсат берилмеген дǝрилер.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рухсатысыз жас өспиримлер ушын арналған дǝри-дǝрмақларды реклама қылыўға жол қойылмайды. (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
Қолланыўы ҳǝм реализация етилиўи бойынша тийисли мǝмлекетлик уйымлар арнаўлы рухсатнама бермей турып косметика, турмыс химиясы, азық-аўқат өнимлери, витаминли ҳǝм биологиялық жақтан тǝсирли азық-аўқат қосымшаларын реклама етиў қадаған етиледи.
Усы статьяның режелери медицина мǝкемелери ҳǝм медицина хызметкерлери ушын арналған рекламаға пайдаланылмайды. Медицина мǝкемелери ҳǝм медицина хызметкерлери ушын арналған дǝри-дǝрмақларды рекламалаў тǝртиби Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў ўǝзирлиги тǝрепинен белгиленеди. (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)

23-статья. Темеки, темеки өнимлери ҳǝм алкоголли ишмликлер рекламасы
Темеки, темеки өнимлери ҳǝм ҳǝр қандай қуўатлықтағы алкоголли ишимликлер рекламасы қадаған етиледи, соның ишинде:
темеки, темеки өнимлери ҳǝм алкоголли ишимликлер үлгилерин тегин тарқатыў;
темеки, темеки өнимлери ҳǝм алкоголли ишимликлердиң атамасы, товар белгиси ямаса сүўретинен пайдаланылатуғын илажларға қǝўендерлик етиў;
темеки, темеки өнимлери ҳǝм алкоголли ишимликлердиң атамасы, товар белгиси түсирилген товарларды (футбол майкалары, бас кийимлер, ойынлар ҳǝм басқаларды) тарқатыў, соның ишинде сатыў;
саўда объектлериниң алдыңғы тǝрепинде, кириў (транспортта кириў) орынларында, витриналарында, тысқарыға алып шығылатуғын предметлеринде ҳǝм басқада орынларында темеки, темеки өнимлери ҳǝм алкоголли ишимликлердиң сүўретлерин, атамаларын ҳǝм олар ҳаққындағы басқада мǝлимлемени орнатыў қадаған етиледи.

24-статья. Қурал-жарақ рекламасы
Қурал-жарақты реклама етиў тек ғана арнаўлы басылымларда, сондай-ақ тиккелей аңшылық қуралларын реализациялаўшы саўда шөлкемлериниң имаратларында яки тийисли көргизбелерде (илажларда) ǝмелге асырылады.

25-статья. Баҳалы қағазлар ҳǝм халықтың қаржыларын тартыў менен байланыслы хызметлер рекламасы
Баҳалы қағазларды ҳǝм халықтың қаржыларын (банклердеги қаржылары, қамсызландырыў қаржылары ҳǝм т.б.) тартыў менен байланыслы хызметлерди яки усындай хызмет көрсетиўши тǝреплерди рекламалаўды бундай жумыс түри менен шуғылланыў ҳуқықы барлығын тастыйықлайтуғын тийисли лицензия болған жағдайда ғана ǝмелге асырылыўы мүмкин. Бундай хызметлер яки усындай хызмет көрсетиўши тǝреплер рекламасында күтилип атырған дǝраматлар муғдарын, сондай-ақ, болажақ дǝрамат ҳаққында басқа мағлыўматты хабарлаў қадаған етиледи, кеминде бир жыллық жуўмақлар бойынша ҳақыйқатында төленген дǝрамат буған кирмейди.
Баҳалы қағазлар ҳǝм халықтың қаржыларын тартыў менен байланыслы хызметлер рекламасына тийисли мүнǝсибетлерди тǝртипке салыў нызам актлеринде нǝзерде тутылған тǝртипте ǝмелге асырылады.

26-статья. Реклама материалларын сақлаў мүддетлери
Реклама бериўши, реклама таярлаўшы ҳǝм тарқатыўшы реклама материалларын соңғы мǝрте реклама жǝрияланған (көрсетилген) күннен баслап бир жыл даўамында сақлаўы шǝрт.

27-статья. Реклама мǝлимлемесине байланыслы актлер ҳǝм материаллар алыў
Реклама бериўши, реклама таярлаўшы ҳǝм тарқатыўшы ўǝкилликке ийе уйымның талабы бойынша ол белгиленген мүддетке реклама мǝлимлемесине тийисли актлер ҳǝм материалларды усыныўы тийис.
Реклама бериўшилер, реклама таярлаўшылар ҳǝм тарқатыўшылардың рекламаға тийисли актлери менен материалларын иркинишсиз алыў ҳуқықы ўǝкилликке ийе мǝмлекетлик уйымның лаўазымлы тǝреплерине бериледи.
Коммерциялық сыр болып есапланатуғын ҳǝм усы статьяның екинши бөлиминде көрсетилген лаўазымлы тǝреплер тǝрепинен алынған мағлыўматлар жǝрия етилмеўи тийис.
Ўǝкилликке ийе мǝмлекетлик уйымның лаўазымлы тǝреплери коммерциялық сыр болып есапланатуғын мағлыўматларды жǝрия еткен жағдайда, реклама бериўшиге, реклама таярлаўшы ҳǝм тарқатыўшыға келтирилген зǝлел, соның ишинде руўхый зыян нызам актлеринде белгиленген тǝртипте өтеледи.

28-статья. Қарсы реклама
Ўǝкилликли мǝмлекет уйымлары реклама ҳаққындағы нызам актлери бузылғанлығы анықланған жағдайда, ҳуқық бузыўшы усы уйымлардың шешимине муўапық ҳǝм олар көрсеткен мүддетке қарсы реклама бериўи тийис. Қарсы реклама бериў ықтыярлы рǝўиште яки судтың шешимине муўапық ǝмелге асырылыўы мүмкин. Қарсы реклама бериўди ǝмелге асырыў менен байланыслы барлық қǝрежетлер ҳуқық бузыўшы тǝрепинен өтеледи.
Егер ҳуқық бузыўшы қарсы рекламаны реклама ҳаққындағы нызам актлериниң орынланыўын қадағалаўды ǝмелге асырыўшы уйым белгилеген мүддетте бермесе, усы уйым ҳуқық бузыўшының рекламасын ол қарсы реклама бергенге дейин толық яки бир бөлегин тоқтатып қойыў ҳаққында шешим қабыл етиўге ҳǝм реклама ҳаққындағы нызам актлерин бузған тǝреп пенен шǝртнама дүзген тǝреплерди буннан хабардар етиўге ҳақылы.
Қарсы реклама бийкарлаўға берилип атырған реклама жǝрияланған сол ғалаба хабар қуралларында, сол мүддет, мǝкан жай, орын ҳǝм тǝртиптен пайдаланып бериледи.
Қарсы рекламаның мазмуны ҳуқық бузыў жағдайын анықлаған ҳǝм оны дүзетиў ҳаққында шешим қабыл еткен тийисли мǝмлекетлик уйым менен келисиледи. Айырым жағдайларда бул уйымның шешимине муўапық қарсы реклама берилетуғын ғалаба хабар қуралы, мүддети, орны ҳǝм тǝртиби өзгертилиўине жол қойылыўы мүмкин.

29-статья. Реклама ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик.
Реклама ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.
Реклама бериўши реклама ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң реклама таярлаў ушын усынылатуғын мағлыўматтың мазмунына байланыслы бөлими бузылғанлығы ушын, егер усы нызам бузыўшылық реклама таярлаўшының ямаса реклама тарқатыўшының айыбы менен жүз бергенлиги дǝлийлленбесе, жуўапкер болады.
Реклама таярлаўшы реклама ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң реклама таярлаўға байланыслы бөлими бузылғанлығы ушын жуўапкер болады.
Реклама тарқатыўшы реклама ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң рекламаны тарқатыў ўақты, орны ҳǝм қуралларына байланыслы бөлими бузылғанлығы ушын жуўапкер болады.
Реклама бериўши, реклама таярлаўшы ҳǝм тарқатыўшы – юридикалық шахслардың лаўазымлы шахслары, реклама бериўши, реклама таярлаўшы ҳǝм тарқатыўшы – физикалық шахслар надурыс реклама бергенлиги, антиреклама бериўден бас тартқанлығы, реклама етилиўи нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилген өнимди реклама қылғанлығы, реклама ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўын сапластырыў ҳаққындағы көрсетпени өз ўақтында орынламағанлығы, сыртқы рекламаны жайластырыў тǝртибине бойсынбағанлығы, реклама мағлыўматына байланыслы ҳүжжетлер ҳǝм материалларды ўǝкилликли мǝмлекетлик уйымға белгиленген мүддетте усынбағанлығы ямаса билқастан надурыс мағлыўматлар усынғанлығы ушын ҳǝкимшилик жуўапкершиликке тартылады.
Ҳǝкимшилик жаза шарасы қолланылғанлығы реклама бериўшилер, реклама таярлаўшылар ҳǝм тарқатыўшыларды ўǝкилликли мǝмлекетлик уйымның шешимин ямаса көрсетпесин орынлаў яки реклама ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде нǝзерде тутылған басқада ҳǝрекетлерди ислеў миннетинен азат етпейди. (27.06.2014-ж. 209/XV-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)

3­0-статья. Тартысларды шешиў
Реклама таярлаў ҳǝм тарқатыў процессинде келип шығатуғын тартыслар суд тǝртибинде шешиледи.