Конституция  – демократияны тәмийинлеўши Тийкарғы Нызам

Конституция – ҳәр қандай мәмлекеттиң баслы нызамы болып, ол өзинде мәмлекеттеги пуқаралардың ерк-ықрарын сәўлелендириўши, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийнлеўши, мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған ҳүжжет есапланады.

Конституция мəмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳəр бир  мəмлекеттиң келбети ҳəм келешегин белгилейди. Президентимиз айтып өткениндей, “Ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы белгиси – барлық пуқаралардың нызам алдында теңлиги, Конституция ҳәм нызам үстинлиги” саналады.

Ҳақыйқатында да, ҳәр бир демократиялық мәмлекеттиң Конституциялық тийкарын сол мәмлекетте жасаўшы ҳәр бир инсанның ҳуқықлары ҳәм еркинликлери қурайды. Сонлықтан, Конституциямыздың арнаўлы «Инсан ҳәм пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлери» деп аталған бөлиминде инсан, оның өмири, еркинлиги, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да ажыралмас ҳуқықлары жоқары қәдирият екенлигин тастыйықлайтуғын нормалар бекитилген.

Конституцияда белгилеп берилген сиясий ҳуқықлар – пуқаралардың мәмлекет ҳәм жәмийет ислерин басқарыўда белсене қатнасыўын, экономикалық ҳуқықлары – пәраўан турмыс кешириўин, ал, жеке ҳуқықлары – ҳәр бир инсанның қәдир-қымбатының жоқары дәрежеде қорғалыўын тәмийинлейди.

Конституция республика аймағында жасаўшы барлық миллет ўәкиллерин анық мақсет жолында бирлестирип, олардың тиллерине, динине ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет пенен қараўды тәмийинлейди. Сондай-ақ, Конституцияның халықшыллығын белгилейтуғын нормалар менен байытылған. Яғный оның, халықшыллығы соннан ибарат, ол тийкарынан халықтың мәплерин билдиреди, шахслардың ҳәм халықтың хызметиниң нәтийжеси болып табылатуғын социаллық қатнасықларды анықлайды.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 2-статьясына муўапық: «Мәмлекет халықтың ерк-ықрарын билдиреди, оның мәплерине хызмет етеди. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар жәмийеттиң ҳәм пуқаралардың алдында жуўапкерли» делинген. Мине усындай мысалларды конституцияда көплеп табыўға болады.

Конституция, халық суверенитетин, мәмлекет суверенитетин, мәмлекетлик ҳәкимият дереклерин беккемлейди. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 7-статьясында «Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дереги болып табылады» деген норма көрсетилген. Елимиздиӊ тийкарғы нызамы тек ғана шахс ҳәм мәмлекет қатнасығын, ҳәкимият системасын беккемлеп ғана қоймастан, ал жәмийеттеги басқа структуралардың да хызметин тәртипке салады.

Конституцияның шынлығы бул ҳүжжеттиң жәмийеттеги ҳақыйқый жағдайын сәўлелендириўи тийислилигин аңлатады. Бундай болмаған жағдайда конституция қәлбеки ҳүжжет болады ҳәм халық арасында абырайға ийе болмайды.

Турақлылық – конституцияның ең әҳмийетли сыпаты. Конституция – узақ ҳәрекет ететуғын ҳүжжет. Ол сол ўақыттағы жағдайға байланыслы өзгерислерге ушырай бермеўи ҳәм белгили бир ўақыт ишинде орын алған тәртиптиң беккемлигин тәмийинлеўи тийис. Бирақ, басқа да ҳәдден тыс кетиўшиликке жол қойыўға болмайды, яғный Конституцияны бәрҳама турақлы болған ҳәм ҳеш қашан өзгермейтуғын “мәңги ҳүжжет” сыпатында қабыл етиўге жол қойылмаў керек. Әмелиятта бул мүмкин емес, себеби жәмийет өзгерип турады ҳәм тийисли өзгерислер киргизилмесе, Конституция жәмийетлик раўажланыўдан изде қалады ҳәм өзиниң әҳмийетлилигин жойтады. Демек, Конституцияның турақлылығы ҳәм ўақты-ўақты оны жаңаланыўдың зәрүрлиги керек болады.

Өзбекстан  Республикасы Президенти Ш.М.Мирзеёвтыӊ айтқанындай: “Ҳәр қандай нызам ҳүжжетин қабыл етиўден тийкарғы мақсети халқымыздың турмыс шараятын жақсылаў екенлигин ҳеш қайсымыз умытпаўымыз керек. Бул процесстеги тийкарғы мәселе – нызам ҳүжжетлериниң мазмун мәнисин орынлаўшылар ҳәм халыққа өз ўақтында жеткерип бериў, оларды әмелге асырыўды қатаң тәмийинлеўден ибарат”. Ҳақыйқатында да Президентимиздиң пикирине қосылған ҳалда, еӊ алды менен адамлар арасында, халық пенен пикирлесиў, олардыӊ тәшўишин, дәртин, арзыў-нийетлерин, турмыстағы машқаласын ҳәм мүтәжликлерин жақсы билиў арқалы, өз ўақтында нызамлардағы бослықлар сапластырылып барылады.

Инсан ҳәм пуқара ҳуқықлары ҳәзирги ўақытта мәмлекет сиясатының баслы бағдарларынан бирине айланған. Елимизде демократия улыўма адамгершилик принциплерине тийкарланады, буларға муўапық адам, оның турмысы, еркинлиги, ар-намысы, адамгершилиги ҳәм басқа да ажыралмас ҳуқықлары ең жоқары байлық болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының екинши бөлими жәмийет ағзаларының улыўмалық статусын белгилеўге бағышланған. Бул бөлимниң улыўмалық қағыйдалары Өзбекстан Республикасында барлық пуқаралардың теңлиги принципин, ҳуқықлар ҳәм еркинликлерди әмелге асырыўда кемситиўге жол қойылмаўын беккемлейди.

Инсан ҳуқықлары, әдетте, идеология, мәмлекет ҳәм ҳуқық ҳәдийселери сыпатында қаралады. Бирақ шахс ҳуқықларын беккемлеў тийкарынан ҳуқықый дәрежеде әмелге асырылады. Соған қарамастан, биринши дәреже бул – социаллық сана. Шахс ҳуқықларын  аңлап жетиў ҳәм ҳүрмет етиў сыяқлы дәрежесинде пайда болады. Шахс ҳуқықлары ҳаққындағы көз-қарас социаллық санадан мәмлекет арқалы ҳуқыққа өтеди. Егер жәмийет шахс ҳуқықларына бийпәрўа болса, ол сол ҳуқықлардың бузылыўына да немқурайдылық пенен қарайды. Инсан ҳуқықларын тәртипке салыў, бириншиден оларды түрли тәсир етиўши күшлерден қорғаўдан ибарат.

Инсан ҳуқықларын қорғаўдың тийкарғы формаларынан бири, бул ҳәр бир инсанға өзиниң ҳуқықлары менен еркинликлерин суд арқалы қорғаўдан ибарат. Ҳуқықый нызамға  муўапық, ис көриўши ғәресиз суд ҳуқықый мәмлекеттиң өзине тән тымсалы болып есапланады. Бунда ҳуқықтың үстинлиги ҳәм ҳуқықый нызамлылық ҳүким сүриўин талап етеди. Оның ҳуқықый тийкары Конституцияның 106-статьясында өз көринисин тапқан. Оған муўапық, Өзбекстан  Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, басқа да жәмийетлик бирлеспелерден бийғәрез ислейди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-февраль күни “Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша  “Ҳәрекетлер стратегиясы” ҳаққында”ғы Пәрманы қабыл етилди. Усы “Ҳәрекетлер стратегиясы”ның екинши бөлими – Нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын және де реформалаў, деп белгилениўи тосыннан емес. Усы бағдардан келип шыққан ҳалда, әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыў ҳәмде судьялық лаўазымға таңлаў ҳәм тайынлаў системасын және де жетилистириў суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың ең әҳмийетли бағдарлары сыпатында беккемленди.

Өзбекстан Республикасы Судьялар олий кенгашиниң шөлкемлестирилиўи суд-ҳуқық тараўында әҳмийетли қәдем болды. Ол мәмлекетимизде суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин конституциялық принципине бойсыныўды тәмийинлеўге көмеклесетуғын уйымға айланды.

Конституцияға суд ҳәкимиятының хызметин түпкиликли жақсылаўға, абырайын арттырыўға, судлар структурасын жетилистириўге ҳәмде судьяларды таңлаў ҳәм лаўазымларға тайынлаў системасын демократияластырыўға қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалардың киргизилиўи пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықлары, еркинликлери, нызамлы мәплери судта исенимли қорғаўды тәмийинлеў, мәмлекетте нызам үстинлигин, нызамлылықты беккемлеўдиң әҳмийетли факторына айланды.

Соӊғы жылларда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде суд-ҳуқық системасында тарийхый реформалар әмелге асырылып, бүгинги күни олардың нәтийжесине ҳәммемиз гүўасы болып атырмыз.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 24-июльдеги «Судлар хызметин және де жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға тийисли қосымша илажлар ҳаққында»ғы 6034-санлы Пәрманының тийкарғы мақсети: артықша бюрократиялық тосықларды сапластырыў, суд қарарларын қайта көриўдиң тәкирарланыўшы басқышларын бийкарлаў, инвесторлар ҳуқықларын қорғаў, суд уйымларының әмелдеги структурасын заман талаплары ҳәм халықаралық станддартларға масластырыўдан ибарат.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында 2020-жылдыӊ 30-июнында өткерилген әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў барысындағы ўазыйпалардыӊ додалаўына бағышланған видеоселектор мәжилисиниң баянламасының орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ Баслығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы тәрепинен “Қарақалпақстан Республикасында жынаятшылықты қысқартыў, жынаятшылық профилактикасын  және де жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияссыз аймаққа айландырыў бойынша “Жол картасы” тастыйықланды. Бул “Жол картасы” 71 бәнт ҳәм 13 бағдардан ибарат болып, ондағы белгиленген илажларға тийисли ўазыйпаларды дурыс шөлкемлестириў, ҳәр бир бәнт өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўын қадағалаўға алыў, әмелге асырылған жумыслар ҳаққында кең жәмәәтшиликке жеткериў ўазыйпалары белгиленген.

Улыўмаластырып айтқанда, қабыл етилип атырған ҳәр бир ҳуқықый ҳүжжет Конституцияның мәмлекет келешегиниң айнасы екенлигин және бир мәрте дәлиллейди. Себеби, Конституциямыз социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый турмыстың барлық тараўларында избе-из ҳәм басқышпа-басқыш, системалы түрде әмелге асылып атырған кең көлемли демократиялық реформалардың беккем юридикалық дереги ҳәм тийкарғы ҳуқықый кепили болып табылады.

Конституция өз алдына, яғный жәмийеттен ажралған ҳалда пайда болыўы мүмкин емес. Демек Конституция, оның тийкарында қабыл етилген нызамлар қатып қалған ҳүжжет деп болмайды. Ҳәр қандай мәмлекетте жәмийетти басқарыў тек ғана Конституция ҳәм оның тийкарында қабыл етилген нызамлар менен әмелге асырылады.

Сол себепли, Конституция халқымызды келешекке бағдарлаўшы, бирлестириўши, татыўлығын ҳәм тынышлығын беккемлеўши, үлкен уллы ислерге баслаўшы Тийкарғы Нызам болып есапланады.

Демек, ҳәр биримиз Конституциямыздың әҳмийетин терең аңлап, он күнделикли турмысымызда басшылыққа алыўымыз, онда белгиленген ҳуқық ҳәм миннетлемелерди дурыс орынлаўымыз лазым.

Зухра Реймова,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ
Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў
мәселелери комитетиниӊ баслығы