Өзбекстан бойынша қуяш панеллерин ислеп шығарыў биринши болып Қарақалпақстанда жолға қойылмақта

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға қаратып атырған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығы нәтийжесинде бүгин елимиз раўажланыўдың жаңаша жөнелисинде адым атып, бул бағдарда исбилерменликти раўажландырыўға кең мүмкиншилик жаратылмақта. Усы тийкарда Нөкис қаласындағы «Нөкис электроаппарат» қоспа кәрханасы жыллық қуўатлылығы 150 МВт болған қуяш панеллерин ислеп шығарыў бойынша жаңа жойбарын иске түсирди. Бүгинги күнде 30 дан аслам адам жумыс алып барып атырған болып, кәрхана толық қуўатлылықта жумыс баслаўы менен 150 ге жақын пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленеди. Кәрханың жаңа жөнелис бойынша жумыс баслаўы ушын үскенелер Қытай мәмлекетинен алып келинген. Ҳәзирги ўақытта ислеп шығарыў Корея технологиясы тийкарында әмелге асырылмақта. Атап өтиў орынлы, Өзбекстан бойынша қуяш панеллерин ислеп шығарыў биринши болып Қарақалпақстанда жолға қойылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети