2025 | Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеңес қарарлары
Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеңеси тәрепинен 2025-жыл даўамында жәми 4 мәрте (2025-жыл 28-феврал, 2025-жыл 27-май, 2025-жыл 23-июл, 2025-жыл 14-октябр сәнелеринде) қарарлар қабыл етилди.
Аймақлық комиссия тәрепинен өткерилген жыйналысларға тийкар мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлер басшыларының есабат ҳәм мағлыўматлары турақлы тәризде еситилген, тийисли қарарлар қабыл етилген ҳәм олардың орынланыўы үстинен қадағалаў орнатылған.
Хызмет ўазыйпаларын атқарыўда немқурайлық пенен қарап, искерлиги даўамында бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ушын Республиканың 6 мәкеме ҳәм шөлкемлер басшылары қатаң ескертилди.