ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК БАЙРАҒЫ ҲАҚҚЫНДА
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
14.12.1992-ж. №229/XII
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК БАЙРАҒЫ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегилерге муўапық өзгерислер киргизилген:
09.04.1993-ж. 229/XII-санлы ҚР Нызамы 29.08.2005-ж. 49/III-санлы ҚР Нызамы 21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы 28.12.2020-ж. 88/XII-санлы ҚР Нызамы 30.12.2022-ж. 299/XL-санлы ҚР Нызамы 26.12.2023-ж 363/XLVII-санлы ҚР Нызамы 14.05.2024-ж. 378/XLIX-санлы ҚР Нызамы
1-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағының схематикалық ҳǝм реңли тǝрийплемеси (қоса тигиледи) тастыйықлансын.
2-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының мǝмлекетлик суверенлигиниң символы болып табылады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
3-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы:
Қарақалпақстан Республикасы аймағында өткерилетуғын халық аралық конференцияларда, көргизбелерде, спорт жарысларында Қарақалпақстан Республикасын танытады.
4-статья. Қарақалпақстан Республикасының мǝмлекетлик байрағы туўры мүйешли борлат болып, ол аспан көк, тойғын Сары ҳǝм жасыл реңлердиң үш горизонталь жолақларынан ибарат. Тойғын Сары реңиниң жолағын ақ ҳǝм қызыл жийеклер менен ажыратып турады.
Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағының узынлығы – 250 см, ени – 125 см. Аспан көк ҳǝм жасыл жолақлардың өз-ара тең ҳǝм 42 см ди қурайды. Байрақтың ортасына жайласқан тойғын Сары реңдеги жолақтың ени 34 см. Ақ жийеклердиң ени – 1,0 см., қызыл жийеклердиң ени – 2,5 см ден ибарат.
Жоқарғы аспан көк жолақта ақ реңли ярым ай сүўретленген (оның дөңес жағы байрақтың таяқшасына қаратылған) ҳǝм оның оң тǝрепинде (егер байрақтың бет жағынан қарағанда) өз-ара тең, ақ реңли бес қырлы жулдыз бар.
Ақ реңли ярым ай, диаметрлери сǝйкес 22 см ҳǝм 19 см болған еки шеңбердиң кесисиўинен пайда болып, ол шеңберлердиң орайлары аспан көк түсиндеги жолақты теңдей екиге бөлип турған туўры сызықта жатады. Усы шеңберлердиң орайлары арасындағы аралық – 4 см. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағының таяқшасынан ярым айға дейинги аралық – 20 см.
Ақ реңли бес қырлы жулдызлар 34 см х 18 см муғдарындағы туўры мүйешликке үйлесип тур. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағының таяқшасынан туўры мүйешликке дейинги аралық – 42 см.
Ақ реңли бес қырлы жулдыз еки қатарға төмендегише жайласқан:
жоқарғы қатар еки жулдыздан, төменги қатар – үш жулдыздан ибарат;
ҳǝр бир жулдыз диаметри 10 см болған шеңберге үйлеседи. Ақ реңли ярым айдың төменги ноқаты ҳǝм төменги қатардағы жулдызлар нурларының шыңлары жоқарғы ақ жийектен 10 см аралықта жайласқан горизонталь сызық пенен байланысады. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағының бетки ҳǝм сыртқы тǝреплери байрақтың таяқшасы симметриялы келеди. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
5-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағы:
1) турақлы түрде:
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң;
Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң;
республика аймағындағы атқарыўшы ҳәкимият уйымларының;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының;
Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының;
Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасының;
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының; жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының; судлардың;
прокуратура уйымларының имаратларында; (5-статьяныӊ биринши бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2023-жыл 26-декабрьдеги 363/XLVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
2) турақлы түрде:
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң;
Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң;
Қарақалпақстан Республикасы судының;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының;
республика аймағындағы атқарыўшы ҳәкимият уйымларының;
Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының;
Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының;
Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасының;
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының;
жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының мǝжилислер залларында; (5-статьяныӊ биринши бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2023-жыл 26-декабрьдеги 363/XLVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
3) турақлы түрде:
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының;
Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығының;
Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслықларының;
республика аймағындағы атқарыўшы ҳәкимият уйымлары
басшыларының;
Қарақалпақстан Республикасы прокурорының;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы баслығының;
Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы баслығының;
Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығының;
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының; район ҳǝм қала ҳǝкимлериниң хызмет ханаларында көтериледи;
(5-статьяныӊ биринши бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2023-жыл 26-декабрьдеги 363/XLVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
4) Өзбекстан Республикасының ҳǝм Қарақалпақстан Республикасының нызамлары менен белгиленген байрам күнлеринде - Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, район ҳǝм қала ҳǝкимлериниң қарарлары менен белгиленген орайлық көшелерде, майданларда, басқа да жǝмийетлик орынларда ҳǝм объектлеринде;
5) Өзбекстан Республикасының Президенти сайлаўы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатларын, Сенат ағзаларын, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларының, халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслериниң депутатларын сайлаў ямаса референдум күнлери даўыс бериў имаратлары ҳǝм ханаларда көтериледи;
6) Қарақалпақстан Республикасы ҳүкиметиниң буйрығы бойынша;
7) спорт майданларында - Қарақалпақстан Республикасының чемпионатлары ҳǝм бириншиликлери, миллий сайланды командалардың қатнасыўында Қарақалпақстан Республикасы аймағында халық аралық спорт жарысларын өткериў ўақтында ҳǝм миллий сайланды командаларының ўǝкиллери болған жарыс жеңимпазларын сыйлықлаў мǝресимлери ўақтында Өзбекстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағы көтерилгеннен кейин.
Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы оған болған тийисли дǝрежедеги ҳүрмет тǝмийинленген ҳалда, оннан усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилмеген объектлерде, сондай-ақ улыўмалық байрамларда, спорт жарысларында, ғалабалық физикалық тәрбия илажларында, мәдений ҳәм басқа ғалабалық илажларда, рәсмий халықаралық илажларда, салтанатлы илажларда, шаңарақлық байрамларда, еслеў сәнелерин белгилеўде, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлердиң, әскерий хызметкерлердиң жерлеў илажларында ҳәмде басқа жағдайларда, соның менен бирге ағаш сабын (байрақ сабын) қолланбастан пайдаланылыўы мүмкин. (5-статьяныӊ екинши бөлимине Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2023-жыл 26-декабрьдеги 363/XLVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағына болған ҳүрметти тǝмийинлеген ҳалда, оннан жәмийетлик орынларда, имаратлар ҳәм басқа объектлерде, жасаў ямаса жумыс орынларында, сондай-ақ оларға тутас болған аймақларда, транспорт қуралының салонында пайдаланылыўы мүмкин.
(5-статьяныӊ үшинши бөлими Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2023-жыл 26-декабрьдеги 363/XLVII-санлы Нызамына тийкар толықтырылған)
51-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы:
Усы Нызамның 5-статьясының 4-бǝнтинде нǝзерде тутылған жағдайларда саат 6 да көтериледи ҳǝм саат 22 де түсирип қойылады;
Усы Нызамның 5-статьясының 5-бǝнтинде нǝзерде тутылған жағдайларда даўыс бериў ямаса референдум өткизиў дǝўиринде көтерилип қойылады.
52-статья. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағының тәрийиплемеси түсирилген белгилер:
Қарақалпақстан Республикасына тийислиликти белгилеў мақсетинде мәмлекетлик уйымларының символикалық нышанларында (байрам, эмблемагеральдикалық белги, вымпел ҳәм басқа нышанлар) ҳәм олардың Интернет жәҳән мәлимлеме тармағындағы рәсмий веб-сайтларында, Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықларының тийкары ямаса элементи сыпатында, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасына тийислиликти белгилеў мақсетинде предметлерде, оқыў-тǝрбия процессинде Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағының сүўрети түсирилген белгилерден пайдаланылыўы мүмкин.
Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағына болған ҳүрметти тǝмийинлеген ҳалда, оның сүўрети түсирилген белгилерден жәмийетлик орынларда, имаратлар ҳәм басқа объектлерде, жасаў ямаса жумыс орынларында, сондай-ақ оларға тутас болған аймақларда, транспорт қуралының салонында пайдаланылыўы мүмкин.
52-статьясына Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2023-жыл 26-декабрьдеги 363/XLVII-санлы Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
53-статья.
Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағының элементлерин мǝмлекетлик емес шөлкемлер ҳүжжетлериниң реквизитлери ямаса реклама материалларына киргизилиўине жол қойылмайды.
Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағының сүўрети түсирилген белгилерден ислеп шығарып атырған ямаса реализация етилип атырған товарларды (жумысларды, хызметлерди) өткизиў ушын коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў мүмкин емес, Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағына болған ҳүрметти тǝмийинлеген ҳалда оның сүўрети түсирилген белгилерден үстки кийимди безетиў ямаса Қарақалпақстан Республикасына тийислиликти белгилеў мақсетинде пайдаланыў буннан тысқары.
Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағына ҳүрметсиз мүнәсибетте болыў, сондай-ақ:
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағынан ҳәм оның сүўрети түсирилген белгилерден жыртылған, патасланған, тесилген, реңи өшкен ҳалда ҳәм басқа орынсыз түрде пайдаланыўға;
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағынан қандайда бир зат ушын үстки жапқыш ретинде пайдаланыўға;
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағын столларға, отырғышларға, стулларға төсеўге ямаса оның сүўретин түсириўге ҳәм оннан қаплаў ретинде пайдаланыўға, сондай-ақ оны отырылатуғын басқа орынларға яки аяқ астына төсеўге ямаса оның сүўретин түсириўге;
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағынан кийимкеншек, қол орамал ямаса көрпе-төсек ретинде, соның менен бирге буйымларды сақлаў ҳәм тасыў ушын пайдаланыўға;
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағының сүўрети түсирилген белгилерди аяқ-кийимге, қол орамалға, көрпе-төсекке, ишки кийимге, сүлгилерге, қутыларға (орамларға), бир мәрте пайдаланыў ҳәм таслап жибериў ушын мөлшерленген буйымларға басып шығарыўға ямаса оның сүўретин басқаша тәризде түсириўге;
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағынан ҳәм оның сүўрети түсирилген белгилерден әдеп-икрамлылық қағыйдалары ҳәм жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларына қайшы рәўиште ямаса оларды масқаралайтуғын басқаша тәризде пайдаланыўға жол қойылмайды.
Мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң символикалық нышанлары Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағына уқсас болыўы мүмкин емес.
(53-статьясы Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2023-жыл 26-декабрьдеги 363/XLVII-санлы Нызамына тийкар толықтырылған)
6-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы менен бир ўақытта Өзбекстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы көтерилгенде Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы (имараттың алдыңғы жағына қарап турғанда) оң тǝрепинен көтерилиўи керек.
Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы менен бир ўақытта бир неше мǝмлекетлер ҳǝм (ямаса) халық аралық шөлкемлердиң байрақлары көтерилгенде Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы халық аралық ҳуқық нормаларына муўапық көтериледи.
Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы басқа мǝмлекетлер ҳǝм (ямаса) халық аралық шөлкемлердиң байрақлары менен тең дǝрежеде көтерилиўи керек. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
7-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы жайларда үлкен кирер аўыздың төбесинде ямаса буның ушын қолайлы орында, ямаса кийдирилетуғын сапта, ямаса флагштокта көтериледи, бунда байрақтың сабы жайдың фасады менен қоса 45 градустан аспайтуғын мүйешти пайда етеди.
Көтерилген Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағының борлаты жерден ең кеминде 2,5 метр бǝлентликте болыўы керек. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
8-статья. Аза тутыўға байланыслы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының шешими бойынша Қарақалпақстан Республикасының мǝмлекетлик байрағы азалы безелиўинде көтерилиўи мүмкин. Бул жағдайда Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағының сабынан ямаса флагштоктан жоқарғы ушына ени байрақтың ениниң жигирмадан бирине (1/20) тең қара лента бекитиледи, оның еки ушы байрақтың пүткил енине салбырап турады.
Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы аза тутыўға байланыслы флагштокта көтерилгенде ол флагшток узынлығының үштен бирине (1/3) түсириледи. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
9-статья. Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы ҳǝм оның тǝрийплемеси көлемине қарамастан усы Нызамға қоса тигилген реңли ҳǝм схематикалық тǝрийплерине бǝрқулла туўры келиўи тийис.
Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағын таярлаў, сақлаў ҳǝм жоқ қылыў тǝртиби Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тǝрепинен белгиленеди. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
10-статья. Усы Нызам орынланыўын тǝмийинлеў тийисли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары ҳǝм басқа шөлкемлер басшыларына жүкленеди. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
11-статья. Усы Нызамның мǝмлекетлик уйымлар ҳǝм шөлкемлер тǝрепинен орынланыўы үстинен бақлаў ишки ислер уйымлары тǝрепинен ǝмелге асырылады. (21.10.2011-ж. 99/VII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағынан ҳәм оның сүўрети түсирилген белгилерден пүтин (жыртылмаған, тесилмеген) таза (патасланбаған), реңи өшпеген ҳалда ҳәм мақул тәризде пайдаланыў ушын жуўапкершилик усы Нызамға муўапық Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекет байрағынан ҳәм оның сүўрети түсирилген белгилерден пайдаланатуғын физикалық ҳәм юридикалық шахсларға, сондай-ақ мәмлекетлик уйымларға жүкленеди. (11-статьяның екинши бөлими Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2023-жыл 26-декабрьдеги 363/XLVII-санлы Нызамына тийкар толықтырылған)
12-статья. Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары, сондай-ақ Қарақалпақстандағы басқа да адамлар Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағын ҳүрметлеўи шǝрт.
Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы ҳаққындағы нызамшылығын бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады. (14.05.2024-ж. 378/XLIX-санлы ҚР Нызамына тийкар өзгерислер киргизилген)