Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамызды раўажландырыў бағдарында ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде бир қатар исбилерменлер менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамызды раўажландырыў бағдарында ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде бир қатар исбилерменлер менен ушырасты
839
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз аймағындағы исбилерменлер менен пикирлесиў, олардың жумысында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша ушырасыў өткерди.
Онда ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы Пәрманы тийкарында Қарақалпақстандағы исбилерменлик субъектлери ушын салық жүклерин кемейтиў, ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы жаңа жойбарларға узақ мүддетли жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў фонды есабынан кепилликлер бериў, экспортер кәрханалардың транспорт қарежетлериниң бир бөлегин қаплап бериў бойынша бир қатар жеңилликлер берилгенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиздиң және бир тарийхый ПП-129-санлы пәрманы қабыл етилгенлиги, усы тийкарда республикамыз исбилерменлери ушын оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылғанлығы айрықша тилге алынды.
Қабыл етилген пәрман менен Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды тәрепинен 100 млн. АҚШ доллары ажыратылады. Коммерциялық банклер тәрепинен инвестиция жойбаларын қаржыландырыў ушын сырт ел валютасында 5 процент, миллий валютада 12 процент болған жыллық ставкаларда 10 жыл мүддетке шекем 5 жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған муғдарда кредитлер ажыратылады. Бунда коммерциялық банктиң маржасы сырт ел валютадағы кредитлер бойынша 1 процент, миллий валютадағы кредитлер бойынша 2 процент муғдарында белгиленеди.
Халықаралық қаржы институтларынан қосымша 200 миллион АҚШ доллар муғдарында кредит қаржылары тартылады. Миллий ҳәм сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредит муғдарының 75 процентине шекем, бирақ, 5 млрд. сумнан аспаған муғдарда кепиллик бериледи. Киши ҳәмде жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында инвестиция миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкаларын, имарат ҳәм объектлерди меншиклестирип бериў тәртиби белгиленеди.
Аймақта ғалабалық саўдаларда турған мәмлекетлик мүлк объектлери 3 ай мүддетте сатылмағанда оларды электрон таңлаў тийкарында ең жақсы усыныс билдирген талабанға инвестиция киргизиў миннетлемеси менен бериў тәртиби енгизиледи.
2023-2024-жылларда Нөкис қаласында 1 млн АҚШ доллары, қалған районларда 300 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў миннетлемеси менен жойбар басламашыларына жер участкаларын туўрыдан-туўры узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен бериў системасы енгизиледи.
Өткерилген ушырасыўда мине усындай қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын жаратылған оғада әҳмийетли шараятлар ҳаққында кең түрде түсиник берилди.
Атап өтиў керек, бүгинги күнде елимиздиң экономикасын беккемлеў ҳәм раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыўда исбилерменлердиң тутқан орны айрықша. Оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар мүмкиншиликлер жаратылып, имканиятлар берилип атырған бир ўақытта айырым машқалалар да ушыраспақта.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жақыннан сәўбетте исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалаларды тыңлады ҳәм ҳәр бир исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығы, олардың өз жумысын жолға қойыўында тосқынлық ететуғын ҳәр қандай басшыға тийисли жаза шарасы қолланылатуғынлығын, исбилерменлердиң жумысын жетилистириў бойынша барлық илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.
Өз нәўбетинде исбилерменлер тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм ҳәр бир машқала Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.
Ушырасыў соңында ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм экспорт көлемин кеңейтиў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети