Жоқарғы Кеңес Баслығы жаңа жойбар басламашылары болған исбилерменлер менен ушырасты

Исбилерменлик жумысларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў, оларды сапластырыў бойынша гезектеги ушырасыў болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Нөкис районларындағы исбилерменлер менен жақыннан пикирлести.
Дәслеп, ушырасыўда ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар тийкарында берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Буннан соң усы жылы әмелге асырылыўы белгиленген аймақлық инвестициялық жойбарларды иске түсириў, жаңа кәрханалар жумысларын шөлкемлестириўдеги машқалаларды сапластырыў, бар болған имканиятларды толық иске салыў сыяқлы мәселелер талқыланды.
Сондай-ақ, берилген жеңилликлерден кең түрде пайдаланып, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша пикирлесилип, исбилерменлердиң усыныслары, машқалалары тыңланды.
Ушырасыў жуўмағында ўазыйпалар белгилеп алынып, машқалаларға шешим табыў бойынша тийисли басшыларға тапсырмалар берилди.
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)
