Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он үшинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

Усы жылдың 17-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он үшинши сессиясы өткерилди. Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылды.
Сессия күн тәртибинде дәслеп Қарақалпақстан Республикасының алдағы жыллардағы раўажланыўын белгилеп беретуғын ең әҳмийетли ҳүжжет - Қарақалпақстан Республикасын 2030-жылға шекем социаллық-экономикалық раўажландырыў стратегиясы қарап шығылды.
Атап өтиў орынлы, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў бағдарында 2030-жылға шекем жумыссызлықты 3,0 проценттен төменлетиў ушын санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы жойбарлары барлық мәҳәллелелерде иске түсириледи.
Билимлендириў системасы ҳәм кадрлар потенциалы мәселелеринде балаларды бақшаларға қамтып алыў дәрежесин 86 процентке жеткериў, сонын ишинде Нөкис қаласы, Нөкис, Беруний ҳәм Қоӊырат районларында бул көрсеткишти 100 процентке жеткериў нәзерде тутылмақта.
Мектеплерде билимлендириўдиң сапасын арттырыў мақсетинде 80 мектепте қурылыс реконструкция жумысларын алып барыў, мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириўге қамтып алыўды 60 процентке шекем асырыў көзде тутылмақта.
Социаллық инфраструктура ҳәм коммуналлық хызметлер сапасын жақсылаў мақсетинде ҳәр жылы 4 мыңнан артық квартиралы турақ-жайларды қурыў, сондай-ақ, ең әҳмийетлиси, халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежесин ҳәзирги 75 проценттен 86 процентке жеткериў белгилеп алынбақта. Электр ҳәм газ тәмийнатында турақлылыққа ерисиў ушын 411 дана трансформатор пункти ҳәм үш ярым мың километр электр тармақларын жаңадан қурыў, модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылады.
Экологиялық турақлылықты тәмийинлеў бағдарында Аралбойы аймағында жасыл қорғаў зоналарын еки ярым миллион гектарға жеткериў, зәҳәрли шаң-тозаңларды 30 процентке азайтыў арқалы халқымыздың саламатлығын еле де беккемлеў нәзерде тутылмақта.
Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги директорының орынбасары – Тахиржон Сафаров шығып сөйледи.
Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен мақулланып, қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәмде мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитети тәрепинен исленип атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Ш.Отемисов баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасында шарўашылық тараўы ҳәм оның тармақларын раўажландырыў бойынша 2022-2026-жылларға мөлшерленген бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы бойынша Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, шарўа от-жем базасын беккемлеў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Ф.Нурмухаммадов баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети тәрепинен исленип атырған жумыслары ҳаққында мәлимлеме туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы И.Ниязов баянат жасады.
Бул мәселе де депутатлар тәрепинен қарап шығылып, қарар қабыл етилди.
Сессия күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы ҳәмде оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған пуқаралардың дизимин сессия қарары менен тастыйықлаў мәселеси қарап шығылды.
Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамын басшылыққа алып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы жәнеде оларда қурылған имаратлар менен обектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 6429 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.






