Бир топар белсенди исбилерменлер сыйлықланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Исбилерменлер күни мүнәсибети менен бир топар басламашы исбилерменлерди сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў бағдарында қаратылып атырған итибар ҳәм бул бағдарда қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Илажда айтып өтилгениндей, соңғы жыллары Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар регионда исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў ҳәм экономикалық өсимди тәмийинлеўде беккем тийкар болып хызмет етпекте. Қысқа ўақыт ишинде жаңадан-жаңа объектер иске түсирилип, ири көлемдеги инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өткерилген илажда мине усындай ийгиликли жумыслар кең түрде атап өтилди.
Байрам илажында ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пәрманлары тийкарында сыйлықланған исбилерменлеримизге «Шуҳрат» медалы ҳәм «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды.
Буннан тысқары, Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары менен бир қатар исбилерменлер Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)


