Жоқарғы Кеңес Баслығы футболшы-жаслар менен ушырасты

Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, халықты, әсиресе, жасларды спортқа кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Мине усындай итибар нәтийжесинде, бир қатар спорт түрлери қатарында миллионлар ойыны болған футбол бойынша да көплеген жоқары нәтийжелерге ерисилип атыр.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Арал» футбол командасы ҳәм «Арал ҚҚГаз» футзал командасы ағзалары менен ушырасты.
Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов қатнасты.
Өткерилген илажда бүгинги күнде спортшыларымыздың ерисип атырған жоқары нәтийжелери, спортшы жасларға жаратылып атырған шараятлар, футболды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан биринши лигасында мүнәсип қатнасқан «Арал ҚҚГаз» футзал командасы ағзалары баҳалы саўғалар менен хошаметленди.
Буннан соң, «Арал» футбол командасына жаңадан қабыл етилген футболшыларға команданың арнаўлы формалары, ал, командаға болса, арнаўлы автомашина тапсырылды.




.jpg)



