"Тез медициналық жәрдемди шөлкемлестириўдиң әҳмийетли машқалалары - 2026" атамасында Республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди

Нөкис қаласындағы "Ақ қус" комплексинде жайласқан Гиннестиң рекордлар китабына киргизилген Қара үйде "Тез медициналық жәрдемди шөлкемлестириўдиң әҳмийетли машқалалары - 2026" атамасында халықаралық маман қәнигелер қатнасыўында Республикалық илимий-әмелий конференциясы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов қатнасты.
Атап өтиў орынлы, конференцияда Тез ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў тараўындағы 300 ден аслам қәнигелер, экспертлер ҳәм илимпазлар қатнасты.
АҚШ, Россия Федерациясы, Корея, Түркия, Япония, Сингапур, Индонезия, Беларусь Республикасы, Тәжикстан, Қазақстан, Қырғыз Республикасы сыяқлы 10 нан аслам сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлердиң экспертлери баянатлар менен қатнасып, өз тәжирийбелери, жетискенликлери ҳәм инновациялық шешимлери менен бөлисти.


.jpg)

.jpg)
