Жоқарғы Кеңес Баслығы санаат тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты

Исбилерменликке көмеклесиў бүгинги күнде экономикамыздың раўажланыўында салмақлы үлес қосыў менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыўда да әҳмийетли есапланады. Олардың жумысларын қоллап-қуўатлаўда болса, тиккелей жақыннан пикирлесиў арқалы машқалаларына шешим табыў бүгинги күнниң талабы екенлигин айрықша айтыўымыз керек.
Усы бағдардағы әмелий жумыслардың даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы санаат тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.
Онда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимизде санааты раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы Қарақапақстан ушын өз алдына берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Соның менен бирге, берилген усыншама имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиздиң санаат потенциалын арттырыў, тараўда жаңа кәрханаларды иске түсириў, импорт етиў арқалы алып келинип атырған өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў, жергиликли кәрханалардың бар болған имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўды жолға қойып, өз ара бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери сөз етилди.
Буннан тысқары, жуўапкер мәкеме басшылары тәрепинен салық, бажыхана ҳәм басқа да бағдарлар бойынша берилген жеңилликлер пакетлери кең түрде таныстырылды.





