Исбилерменлердиң машқалалары тыңланды

Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы имаратында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Нөкис қаласындағы жаңа жойбар басламашылары болған исбилерменлер менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар, пәрманлары тийкарында исбилерменлер ушын жаратып берилген шараятлар, мәмлекетимиздиң басқа регионларында болмаған жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтип, өз нәўбетинде бундай имканиятлар нәтийжесинде исбилерменлердиң саны артып, жаңа жумыс орынлары жаратылып атырғанын айтып өтти.
Айтып өтилгениндей, өткен тарийхый қысқа ўақыт ишинде елимизде исбилерменлердиң өз бизнесин жүргизиўи, кеңейтиўи, жаңа қуўатлықларды иске түсириўи, регионымыздың инвестициялық тартымлылығын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бундай ийгиликли илажлар еле де даўам еттириледи.
Бүгинги өткерилген ушырасыўда исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында еле де әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.
Исбилерменлер тәрепинен көтерилген мәселелердиң басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Системалы машқалалар белгилеп алынды. Ҳәр бир мүрәжат итибардан шетте қалмайтуғынлығы атап өтилди.





