Ҳүрметли Ўатанласлар, қәдирли Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы пидайылары!

Сизлерди бүгинги Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Ҳәр қандай халықтың мәденияты менен көркем өнерине деген ҳүрмет – бул сол халықтың өтмиш тарийхы, миллийлиги, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине болған ҳүрмет саналады.
Сонлықтан да бүгинги байрам тамыры терең тарийхқа ийе көп миллетли халқымыздың, пүткил елимиздиң байрамы, десек алжаспаған боламыз.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери ең дәслеп, бийтәкирар өнери менен халқымыздың руўхый дүнясын байытып киятырған машақатлы ҳәм мақтанышлы кәсип ийелери есапланады.
Ҳүрметли тараў хызметкерлери!
Сизлерди бүгинги байрам менен қутлықлап, ҳәммеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға тынышлық-аманлық, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!
Аманбай Орынбаев,
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы