Мәденият министрлигиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды

Бүгин Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги жаңа имаратының ашылыўына арналған илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында мәденият ҳәм көркем өнер тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Өткен қысқа ўақыт ишинде тараўға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, тараўды еле де раўажландырыў, мәденият мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, хызметкерлерди ҳәр тәреплеме қоллап- қуўатлаў жаңа басқышқа көтерилип атыр.
Мине усындай ийгиликли илажлар қатарында барлық қолайлықларға ийе жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы бүгинги Маденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни байрамында тараў хызметкерлерине үлкен саўға болды.
Албетте, бул имарат халқымыз ийгилиги жолында, мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлерине узақ жыллар даўамында хызмет етеди.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
