“Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Ҳәр қандай халықтың мәденияты менен көркем өнерине деген ҳүрмет – бул соль халықтың тарийхы, миллийлиги, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине болған ҳүрмет саналады. Сонлықтан да бүгинги байрам тамыры терең тарийхқа ийе көп миллетли халқымыздың, пүткил елимиздиң байрамы, десек алжаспаған боламыз.
Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында мәденият ҳәм көркем-өнер тараўын раўажландырыўға, тараў хызметкерлерине қолайлы шараятлар жаратыўға ҳәм олардың хызметлерин мүнәсип баҳалаўға, халықтың мәдений дем алыўын мазмунлы шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.
Өткерилген салтанатлы илаж даўамында мине усындай ийгиликли жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
.jpg)
.jpg)

.jpg)

.jpg)
.jpg)

