Аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың бәнтлиги - тийкарғы итибарда

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Төрткүл районында болып, социаллық-экономикалық тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жаңа жойбарлар менен танысты.
Үйрениўлер даўамында "Шадлық" МПЖда халыққа социаллық хызмет көрсетиў комплекси ҳәм ондағы "Муштарий ДСЖН" оқыў орайының жумысы көзден өткерилди. Сондай-ақ, Президентимиздиң 62-санлы қарары тийкарында 100 млн. сум жеңиллетилген кредит алып, өз жумысын баслаған жас исбилермен Муҳайё Комилованың тигиўшилик жумыслары үйренилди ҳәм мәҳәлледеги жумыссыз ҳаял-қызларды жумысты үйге алып ислеў тийкарында бәнт етиў бойынша ҳәким жәрдемшисине тийисли усыныслар берилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары "Гүлистан" МПЖ аймағындағы "Барака Текстил Гроуп" ЖШЖ жумысы менен жақыннан танысты. Бул кәрханада 180 жумысшы турақлы жумыс пенен бәнт болып, өткен 2025-жылы 21 млрд. сумнан аслам өним ислеп шығарылған ҳәм сырт елге 1,7 млн. долларлық өним жиберилген.
Буннан кейин аймақтағы Спорт мектебиниң жумысы үйренилип, жаслардың шуғылланыўы ушын жаратылған шараятлар көзден өткерилди. "Беруний" МПЖ белсендилери менен өткерилген сәўбетте болса халықтың абаданлығын тәмийинлеў мәселелери додаланды.
Бундай үйрениўлер аймақлардағы "өсиў ноқатлары"н анықлаў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
.jpg)
.jpg)

.jpg)

