Қарақалпақстанлы илимпаз халықаралық сыйлыққа мүнәсип деп табылды

Қытай Илимлер академиясының Синцзян экология ҳәм география институты тарепинен Өзбекстан Республикасы экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы баслығы Б.Хабибуллаев экология ҳәм география илимлерин раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын Қытай мәмлекетиниң «Тяньшань» сыйлығына мүнәсип деп табылды.
Атап өтиў орынлы, «Тяньшань» халықаралық сыйлығы Қытай Халық Республикасы Синцзян-Уйғур автоном районының ең абырайлы сыйлықларынан бири есапланады.
Ол регионның раўажланыўына, сондай-ақ, халықаралық илимий-техникалық, экологиялық ҳәм экономикалық бирге ислесиўди беккемлеўге үлкен үлес қосқан сырт елли қәнигелер ҳәм экспертлерди хошаметлеўге мөлшерленген.
Сыйлық сырт ел илимпазлары, инженерлер ҳәм экспертлердиң Синцзян раўажланыўына қосқан үлесин тән алыў, халықаралық илимий-техникалық алмасыўды хошаметлеў, алдынғы технологиялар, инновациялар ҳәм басқарыў әмелиятларын тартыў, экология, аўыл хожалығы, энергетика ҳәм санлы технологиялар тараўларында биргеликтеги жойбарларды раўажландырыў, Қытай ҳәм сырт мәмлекетлер арасында узақ мүддетли шериклик байланысларын беккемлеў, сондай-ақ, регионаллық раўажланыў бағдарламаларының ғалабаласыў дәрежесин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген.