Жәҳән банки тәрепинен ҳаял-қызлардың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў ушын 120 мың АҚШ доллары муғдарында грант қаржылары ажыратылды

Қарақалпақстан Республикасында «Аўыл исбилерменлигин раўажландырыў - 2-фаза» жойбары шеңберинде Жәҳән банки тәрепинен ҳаял-қызлардың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў ушын 120 мың АҚШ доллары муғдарында грант қаржылары ажыратылды.
Жойбардың 2-фазасы биринши басқышы ушын Мойнақ, Қанлыкөл ҳәм Бозатаў районларының ҳәр бирине 40 мың доллардан қаржы ажыратылды. Бул қаржылар 100 ден аслам ҳаял-қызлардың бизнес жойбарларын қаржыландырыўға хызмет етип, ҳәр бир исбилермен ҳаял-қызлар өзиниң бизнес режесиниң көлеми ҳәм зәрүрлигине муўапық зәрүр финанслық жәрдем менен тәмийинленеди.
Ажыратылған қаржылар есабынан аймақларда тигиўшилик, шарўашылық, ыссыхана хожалығы, нан өнимлерин ислеп шығарыў және халыққа медициналық ҳәм билимлендириў хызметлерин көрсетиў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар раўажландырылады.
Жойбардың 2-фазасы ушын нәзерде тутылған жәми 600 мың долларлық грант бағдарламасы шеңберинде келешекте және 4 басқыш әмелге асырылыўы режелестирилген болып, бул ҳәрекетлердиң нәтийжесинде аўыллық жерлерде жүзлеген жаңа жумыс орынлары жаратылады ҳәм халықтың абаданлығы артады.