Футбол бойынша Қарақалпақстан чемпионаты 2-лига ойынлары даўам етпекте
198

Жақында футбол бойынша «Жоқарғы Кеңес Баслығы кубогы, Қарақалпақстан XXXIII чемпионаты 2-лига» ойынларына старт берилген еди.
Чемпионат дәслеп 4 аймаққа бөлинген ҳалда яғный, орайлық, арқа, батыс ҳәм қубла аймақларда өткерилмекте. Онда республикамыз бойынша 22 команда қатнаспақта.
1-тур ойынлары шеңберинде «Алтынкөл» ҳәм «Хожа ели» командалары майданға түсип, ойын жуўмағында 1:7 есабында «Хожа ели» командасы жеңиске еристи.
Сондай-ақ, «Шахтемир» ҳәм «Ақманғыт» командалары арасында өткен ойында қарсыласлардың имканиятлары тең болды, есап 1:1.
«Дослық» ҳәм «ҚҚРФМ» арасында өткен ойын жуўмағында болса, «Дослық» командасы 2:0 есабында дәслепки очколарды өз есабына жазып қойды.
Лига ойынлары, қала ҳәм районларда қызғын түрде даўам еттирилмекте.
.jpg)

.jpg)
