Жоқарғы Кеңес Баслығы Кегейли районындағы исбилерменлер менен пикирлести
250
.jpg)
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районындағы жаңа жойбарлар басламашылары болған исбилерменлер менен ушырасты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары тийкарында жаратылған шараятлар ҳаққында атап өтти.
Сондай-ақ, район аймағында өз бизнесин шөлкемлестирип, жаңа жойбарларды әмелге асырып атырған исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланды.
Ҳәр бир көтерилген мәселе белгилеп алынды. Исбилерменлердиң басламаларын қоллап-қуўатлаў, оларға жақыннан жәрдем бериў, жаңа жойбарларды иске қосыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
.jpg)
