Жоқарғы Кеңес Баслығы Кегейли районында жаслар менен ушырасты
.jpg)
Бүгинги күнде жасларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған.
Усындай ийгиликли илажлар қатарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районындағы бир қатар жумыссыз ҳәм аталыққа алынған, сондай-ақ, аўыр категориядағы ҳәм белсенди жаслар менен ушырасыў өткерди.
Дәслеп жаслар ушын бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, жаслардын басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында жаратылған шараятлар, берилген имканиятлар бойынша презентация жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы мәмлекетимизде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанлы жасларға қаратылып атырған жоқары итибар, олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм өз потенциалын көрсетиўи ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айрықша сөз етти.
Ушырасыў даўамында жаслардың пикир усыныслары тыңланып, басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)

