Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

Усы жылдың 20-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясы өткерилди. Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылды.
Күн тәртибинде дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитети қурамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў туўралы мәселе қарап шығылды.
Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң босап қалған 37-санлы «Хожели» сайлаў округине Ниязов Исламбек Махсетовичтиң Жоқарғы Кеңес депутаты болып сайланғаны мүнәсибети менен Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң қурамына өзгерислер киргизилип, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығын сайлаў туўралы болып, бул мәселе бойынша депутат Ниязов Исламбек Махсетовичтың кандидатурасы усыныс етилди.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди ҳәм И.Ниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығы болып сайланды.
Буннан соң, күн тәртиби шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының туризм, мәденият, мәдений мийрас ҳәм ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасары Р.Зарикеев баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 402-санлы қарарының аймақларда орынланыўы бойынша Мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов шығып сөйледи.
Күн тәртибиндеги мәселе қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессия күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы ҳәмде оларда қурылған имаратлар менен обектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған пуқаралардың дизимин сессия қарары менен тастыйықлаў мәселеси қарап шығылды.
Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамын басшылыққа алып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы жәнеде оларда қурылған имаратлар менен обектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 322 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды.
Буннан соң депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
