Қарақалпақстан ушын өз алдына және бир тарийхый қарар қабыл етилди

Ҳүрметли Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасында арнаўлы майнинг зонасын шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын жолға қойыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 143-санлы қарары қабыл етилди.
Қарар менен:
«Besqala mining Valley» арнаўлы майнинг зонасы шөлкемлестириледи. Бунда:
- арнаўлы зонаның аймағы Қарақалпақстан Республикасының пүткил аймағы болып есапланады;
Арнаўлы зона шеңберинде төмендегилерге руқсат бериледи:
- майнингти әмелге асырыў ушын бирден-бир электр энергетика системасынан ҳәм барлық түрдеги қайта тиклениўши энергия дәреклеринен, сондай-ақ, водород электр станциясында ислеп шығарылған электр энергиясынан пайдаланыўға;
- майнинг нәтийжесинде алынған крипто-активлер белгиленген тәртипте миллий крипто-биржалар ямаса сырт ел платформалары арқалы, соның ишинде, тиккелей шәртнамалар тийкарында сатылыўына ҳәм (ямаса) оларды басқа ликвидли крипто-активлерге алмастырыўға;
- майнинг нәтийжесинде алынған (соның ишинде, басқа ликвид крипто-активлерге алмастырылған) крипто-активлерди сатыўдан түскен түсимди мәжбүрий түрде Өзбекстан Республикасындағы банклердиң есап бетлерине өткериўге;
- Тек ғана Қарақалпақстан Республикасы аймағында мәмлекетлик дизимнен өткен ҳалда жумыс алып барып атырған юридикалық шахслар резидент болыўына;
- Резидентлерге майнингти әмелге асырыў нәтийжесинде пайда болатуғын ыссылық энергиясы есабынан аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларында белгиленген тәртипте ыссыханалар шөлкемлестириўге руқсат берилмекте.
Министрлер Кеңесиниң шөлкемлестириўинде ЖШЖ түринде «Besqala mining Valley» арнаўлы майнинг зонасының дирекциясы» шөлкемлестириледи ҳәм Дирекция тәрепинен арнаўлы зона қатнасыўшылығына талабанларға резидент статусы бериледи.
2035-жыл 1-январьға шекем резидентлердиң майнинг жумысын әмелге асырыў менен байланыслы операциялардан алынған дәраматлары салықлар ҳәм жыйымлардан азат етиледи.