«Besqala mining Valley» арнаўлы майнинг зонасы дирекциясы шөлкемлестириледи

❗️Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан ушын айрықша қабыл етилген 143-санлы қарарына тийкар регионымызда «Besqala mining Valley» арнаўлы майнинг зонасы шөлкемлестириледи.
Министрлер Кеңесиниң шөлкемлестириўинде ЖШЖ түринде «Besqala mining Valley» арнаўлы майнинг зонасы дирекциясы» шөлкемлестириледи ҳәм Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги майнинг жумысын әмелге асырыў ушын рухсатнамалар бериў бойынша жумысшы уйым етип белгиленеди.
Буннан тысқары, төмендегише тәртип орнатылады:
➡️ талабанлар (юридикалық шахслар) арнаўлы зона резидентлигин ҳәм майнинг жумысын әмелге асырыў ушын руқсатнама алыў ҳаққындағы арза менен Дирекцияға мүрәжат етеди;
➡️ талабанның арзалары Дирекция тәрепинен көрип шығылады, унамлы жуўмақ берилгенде талабанға Дирекция тәрепинен арнаўлы зона резиденти статусы бериледи;
➡️ резидентке майнинг жумысын әмелге асырыў ушын Агентлик тәрепинен қосымша ҳүжжетлер талап етилместен руқсатнама бериледи;
Дирекция резидентлерди дизимнен өткереди, олардың есабын жүргизеди ҳәм арзалардың сапалы көрип шығылыўына жуўап береди.