«Besqala mining Valley» арнаўлы майнинг зонасын шөлкемлестириў бойынша төмендегилер белгиленбекте:

❗️ 2035-жыл 1-январьға шекем резидентлердиң майнинг жумысын әмелге асырыў менен байланыслы операциялардан алынған дәраматлары салықлар ҳәм жыйымлардан азат етиледи;
➡️ арнаўлы зонада майнинг жумысын әмелге асырғаны ушын резидентлер ҳәр айда усы жумыстан алған дәраматының 1 проценти муғдарында Дирекцияға төлем төлейди, онда Дирексияның сап пайдасы Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджетине өткериледи;
➡️ бирден-бир электр энергетика системасына жалғаныў арқалы электр энергиясынан пайдаланылған жағдайда:
➡️ пайдаланылған электр энергиясы ушын төлемлер II тариф топарына салыстырғанда еки есе өсиўши коеффициентке муўапық төленеди, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 22-октябрьдеги «Жасалма интеллект технологияларын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-189-санлы Пәрманына 1-қосымшада нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары;
➡️ пайдаланылған электр энергиясының есабы өз алдына есапқа алыў үскенесин орнатқан ҳалда жүргизиледи.
Арнаўлы зонаның жумыс ислеў тәртиби Агентлик тәрепинен белгиленеди.