«Besqala mining Valley» арнаўлы майнинг зонасының резиденти сыпатында дизимнен өтиў ушын тийкарғы талап ҳәм шәртлер тастыйықланды

📌Оған муўапық:
🔹Резиденттиң устав капиталында ийеси ҳәм (ямаса) соңғы бенефициар мүлк ийеси сыпатында төмендеги шахслардың қатнасыўына жол қойылмайды:
(а) усы талап ҳәм шәртлердиң 6-бәнтинде көрсетилген шахслар;
(б) жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалабалық қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў тараўында халықаралық бирге ислесиўге қатнаспай атырған мәмлекетлерде дизимге алынған компаниялар ҳәм турақлы жасап атырған, турған ямаса дизимге алынған шахслардың болыўына (қатнасыўына).
🔹Жасырын майнинг, аноним крипто-активлер майнингин ҳәм бурын айланыста болған крипто-активлерди айланысқа киргизиўге жол қойылмайды.
🔹Крипто-активлер айланысы тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлериниң талапларына әмел етиў керек.
🔹Крипто-активлер айланысы тараўындағы ўәкилликли уйымның талабына муўапық жумыс ҳаққындағы мағлыўматларды бийпул усыныў зәрүр.
🔹Арнаўлы зонада жумыс алып барыў ушын нызамшылық ҳүжжетлери менен белгиленген ажыратпаларды өз ўақтында ҳәм толық төлеў шәрт.