Шымбай районы ҳәкими тайынланды

Усы жылдың 21-апрель күни халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезексиз 18-сессиясы болып өтти.
Сессияның күн тәртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Сессияда Шымбай районы ҳәкими лаўазымына Ещанов Насыр Муратбаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.
Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.
Сессияда Ещанов Насыр Муратбаевич Шымбай районы ҳәкими етип тайынланды.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, Н.Ещанов мийнет жолы даўамында «Агробанк» акционерлик коммерциялық банки Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша секретариат баслығы, Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барған.
Ол усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жергиликли санаатты раўажландырыў мәселелери бойынша жәрдемшиси лаўазымында ислеп келген.

.jpg)
