Нөкисте биринши мәрте дуал тәлим форумы өткерилди

Бүгин Pearson оқыў бағдарламасы тийкарында жумыс алып барып атырған Нөкис қаласындағы 1-санлы техникумында «Дуал тәлимди шөлкемлестириўдиң абзаллықлары» атамасында форум өткерилди.
Форумның тийкарғы мақсети:
- оқыўшылардың әмелий көнликпелерин арттырыў;
- дуал билимлендириў системасын кеңнен енгизиў;
- техникумлар ҳәм жумыс бериўшилер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў.
Онда Уллы Британияның Pearson компаниясының ўәкиллери CHris Faulkner ҳәм Jane Baker, Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы М.Атамуратов ҳәм Кәсиплик билимлендириўи агентлиги директоры А.Аяповлар қатнасты.
Форумда республикамыздағы барлық техникумлар белсене қатнасып, дуал билимлендириў системасының әмелий нәтийжелери кеңнен көрсетилди. Көргизбе даўамында оқыўшылар өз бағдарлары бойынша таярлаған көргизбелери, ҳәр қыйлы техникалық қурылмалар ҳәм қол мийнети тийкарында жаратылған әмелий жумыс үлгилери менен қатнасып, өз шеберлиги ҳәм дөретиўшилик көзқарасларын көрсетти.
Атап өтиў керек, дуал билимлендириў системасы бүгинги күнде заманагөй билимлендириўдиң ең нәтийжели бағдарларынан бири сыпатында тән алынбақта. Бул система теориялық билимлер менен әмелий көнликпелерди үйлестириў арқалы оқыўшылардың кәсиплик потенциалын және де раўажландырыўға хызмет етеди.
.jpg)
.jpg)
.jpg)

