«Destination Karakalpakstan 2026» форумы өткерилди

Бүгин Нөкис қаласындағы «Ақ қус» комплексинде Қарақалпақстан Республикасының туризм потенциалын халықаралық майданда үгит-нәсиятлаўға қаратылған «Destination Karakalpakstan 2026» дәслепки дестинация форумы өткерилди.
Илаждың ашылыўында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов шығып сөйлеп, илаж ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында экономикамыздың әҳмийетли тармақларының бири болған туризмди раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар даўам еттирилмекте.
Мине усындай жаратып берилген имканиятлар нәтийжесинде елимиздиң туризм потенциалы еле де артып, сырт елли мийманлардың елимизге болған қызығыўшылығы артпақта.
Өткерилген форумда усындай илажлар атап өтилди ҳәм форум даўамында регионымызда туризм структурасын раўажландырыў, жаңа туристлик өнимлерди қәлиплестириў ҳәм халықаралық туризм базарына кеңнен кирип барыў мәселелери талқыланды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)


