Хожели районына «Жаслар районы» статусы берилди

Ҳүрметли Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстан жаслары – 2030» стратегиясын тастыйықлаў ҳәм жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы 66-санлы пәрманы қабыл етилди.
Усы пәрман менен «Жаңа Өзбекстан жаслары – 2030» стратегиясы тастыйықланды ҳәм стратегияның тийкарғы бағдарлары белгиленди.
Пәрман менен жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат бағдарлары бойынша жумысларды мәнзилли жолға қойыў ҳәм анализлеп барыў мақсетинде «Жаслар районы (қаласы)» статусы берилетуғын қала ҳәм районлардың дизими тастыйықланды ҳәм Хожели районына да усы статус берилди.
Енди бул район жаслардың социаллық белсендилигин арттырыў және мәдений, физикалық ҳәм ағартыўшылық жақтан раўажландырыўға қаратылған заманагөй билимлендириў, спорт ҳәм мәдений инфраструктураға ийе үлгили аймаққа айландырылады.