Турақ жайға мүтәж жас шаңарақларға ипотека кредитлери ажыратылады

Усы жылдың 20-апрель күни қабыл етилген 66-санлы Президент пәрманы менен 2026-2030-жылларға мөлшерленген «Жаңа Өзбекстан жаслары – 2030» стратегиясы тастыйықланды.
Пәрманға муўапық, 2027-жыл 1-январьдан турақ жайға мүтәж жас шаңарақларға басланғыш базардан квартира сатып алыў ушын төмендеги тәртипте ипотека кредитлерин ажыратыў жолға қойылады:
Ипотека бағдарламасы шеңберинде ипотека кредитлери бойынша есапланған процент төлемлериниң Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артқан бөлеги Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериледи.
Төмендеги тийкарғы социаллық нормаларға муўапық келетуғын жас шаңарақларға ипотека кредити ажыратылады:
-арза бериўши ҳәм оның өмирлик жолдасы 30 жастан аспаған болыўы;
-арза бериўши ҳәмде оның өмирлик жолдасы атында соңғы 3 жылда мүлк ҳуқықы тийкарында көшпес мүлк жоқ екенлиги.