Коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери додаланды

Төрткүл районы ҳәкимлигинде коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорының орынбасары У.Мавлянов, жумысшы топар ағзалары қатнасты.
Мәжилисте мәмлекетлик уйымлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм коррупциялық қәўип-қәтерлерди сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар бойынша пикирлер билдирилди.
Район жуўапкерлери тәрепинен коррупция менен байланыслы ҳәм нызам бузылыў жағдайларының алдын алыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берилди.
Сын көзқараста өткен мәжилисте тараўда ушырасып атырған тосқынлықлар ҳәм кемшиликлер ашық додаланды. Мәжилис жуўмағында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды азайтыў ҳәм системалы қадағалаўды күшейтиў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
Буннан соң, Агентлик ўәкиллери ҳәм жуўапкерлер «Төрткүл дийқан базары» ҳәм «Төрткүл буйым базары»нда болып, кириў ҳәм шығыў орынларында автомашиналар ағымын тәртипке салыў ҳәм төлемлердиң автоматластырылған система арқалы әмелге асырылыў жағдайын көзден өткерди.
Үйрениў даўамында тараўда инсан факторын азайтыў ҳәм коррупция жағдайларының алдын алыўда санлы технологиялардың әҳмиети айрықша атап өтилди. Жумысшы топар ағзалары тәрепинен базар админстрациясына төлемлердиң ашық-айдынлығын және де арттырыў ҳәм исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыў бойынша тийисли усыныслар берилди.
.jpg)
.jpg)
.jpg)



.jpg)

