Тақыятас районының ақаба суў системасын реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта
145

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 486-санлы қарары тийкарында Жәҳан банки қатнасыўында Тақыятас районының ақаба суў системасын реконструкциялаў жойбары әмелге а сырылмақта.
Усы жойбар тийкарында Тақыятас қаласында 77,4 км ақаба суў тармақлары, 6 насос станциясы қурылады ҳәм 4407 шаңарақ ақаба суў хызмети менен тәмийинленеди.
Нәтийжеде районда ақаба суў менен қамтып алыў дәрежеси 13,1 проценттен 41,7 процентке жеткериледи. Сондай-ақ, қуўатлылығы 15,2 мың м3/сутка болған жаңа ақаба суў тазалаў имаратын қурыў режелестирилген.



