Әскерий хызметке қабыл етилген жигитлер Ўатан алдында ант берди

Бүгин Арқа-Батыс әскерий округинде мүддетли әскерий хызметин өтеп атырған әскерлердиң Ўатан алдында ант қабыл етиў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, әскерлердиң Ўатан қорғаўшылары қатарынан орын алғаны ҳәм ел тынышлығын қəстерлеп-сақлаў, халық ийгилиги жолында хызмет етиўдей Ўатан алдындағы перзентлик парызды орынлаўға кирискени мүнәсибети менен қутлықлады.
Салтанатлы илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер ўәкиллери, Ўатанымыздың мәрт қорғаўшыларының ата-аналары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасты.
Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз – Қураллы Күшлеримиз Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтиў, Қураллы Күшлеримизди беккемлеў, әскерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да усы бағдардағы мәселелерге үлкен итибар қаратылмақта.
Усындай көлемли илажлар нәтийжесинде Миллий армиямыз халқымызды исенимли қорғаў менен бирге, жас әўладты мәртлик, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлери менен тәрбиялайтуғын турмыс мектебине айланып, онда ҳәр тәреплеме саламат жаслар камалға келмекте.
Өткерилген илажда әскерий хызметке қабыл етилген жигитлер Ўатан алдында ант берди. Оркестр намалары астында жигитлер әскерий сап тартып, Ўатанымыз алдында садықлық пенен хызмет ететуғынлығын билдирди.
.jpg)





.jpg)

