«Жас Ўатанласлар форумы» көтериңки рухта өткерилди

Елликқала районында «Жас Ўатанласлар форумы»ның салтанатлы ашылыўы мәресими өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқаргы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов шығып сөйлеп, форум ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен турақлы қарым-қатнас орнатыў, олардың мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардағы қатнасын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, ҳуқықлары менен мәплерин ҳәр тәреплеме қорғаў мәмлекетимиз сиясатының әҳмиетли бағдарларынан бирине айланды.
Мине усындай имканиятлар нәтийжесинде жасларымыз арасынан елимиздиң даңқын дүньяға танытып атырған көплеген жаслар жетилисип шықпақта. Усы қатарда, бүгин дүнья бойынша түрли тараўларда билим алып,жумыс ислеп, жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслар саны артып бармақта.
Өткерилген форум да мине усындай Ўатанласларымыздың жоқары нәтийжелерин көпшиликке көрсетип, олардың билим ҳәм тәжирийбесин елимиз раўажланыўына бағдарлайтуғын әҳмийетли орталықлардың бири болды.
Онда елимизге ҳәм дүньяға белгили Ўатанласларымыз, үмитли ҳәм көпшиликке үлги болып атырған жаслар қатнасты.
Форум шеңберинде Өзбекстан халық шайырлары А.Арипов ҳәм Муҳаммад Юсуф естелигине гүл қойыў мәресими, Әмир Темур ҳәм Муҳаммад Юсуф туўылған күни мүнәсибети менен өткерилген дөретиўшилик жумыслар таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими, ҳәм басқа да бир қатар илажлар өткерилди.

.jpg)


.jpg)



