Елликқала районында "Халық пенен бирге" бағдарламасы шеңберинде көшпели қабыллаў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизовтың қатнасыўында Елликқала районында Исбилерменлер ҳәрекети - Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен "Халық пенен бирге" улыўма миллий бағдарламасы шеңберинде гезектеги көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.
Бул илаж халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўди жолға қойыў, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларды үйрениў ҳәм оларға орнында әмелий шешим табыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болды.
Қабыллаў даўамында социаллық-экономикалық, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўларға байланыслы 100 ге шамалас мүрәжат келип түсти. Олардың 50 ден асламы орнында шешилди. Қалған мүрәжатлар бойынша тийисли шөлкемлерге тапсырмалар берилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.
Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар әмелий жәрдемлер көрсетилди. Атап айтқанда, кексе жастағы пуқараларға санаторий жолламалары берилди, майыплығы болған шахслар техникалық қураллар менен тәмийинленди. Кем тәмийинленген жаслардың жоқары билимлендириў мәкемелериндеги контракт төлемлерин қаплаў, халықты бәнтликке тартыў ушын устахана үскенелерин усыныў ҳәм ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша жумыслар әмелге асырылды.
.jpg)


.jpg)


.jpg)
