Тахтакөпир районында «Жаслар орайы» имарати пайдаланыўға тапсырылды

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Тахтакөпир районы орайынан заманагөй көринистеги жаслар орайы имарати қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.
Бүгин жаңа имараттың ашылыў салтанаты өткерилип, илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, район ҳәкими Ж.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери басқармасының баслығы П.Махсетбаев ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Улыўма 5 млрд. 321 млн. сум қаржы тийкарында қурылған имаратта жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын «Book kafe», «Zakovat» клубы, шахмат-шашка, шет тиллери ҳәм математика пәнлерин оқытыў орайлары шөлкемлестирилип, жаслар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.
.jpg)
.jpg)

