Бозатаўда заманагөй насос станциясы иске түсирилди

Ҳүрметли Президентимиздиң 4912-санлы қарарына муўапық, Әмиўдәрьяның Бозатаў районы аймағынан өтетуғын бөлиминде қуўатлылығы 3 м3/секунд болған NDN-24 насос агрегатларын орнатыў жойбары әмелге асырылды.
Бүгин жаңадан қурылған заманагөй насос станциясының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Илажда Суў хожалығы министрлиги, район ҳәкимлигиниң жуўапкерлери, нуранийлар, фермерлер ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасты.
Атап өтилгениндей, бул жойбар аймақ инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў, санитариялық жағдайды жақсылаў ҳәм халық ушын қолайлы жасаў шараятларын жаратыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Насос агрегатларының орнатылыўы нәтийжесинде райондағы 1,5 мың халықтың 210 гектар қыйтақ жер майданлары, 2,8 мың гектар суўғарылатуғын жерлер ҳәм 3,5 мың гектар жайлаў майданларын ағын суў менен тәмийинлеў имканияты және де жақсыланады.
Бул жумысларға қурылыс басынан жәми 13.2 млрд. сум қаржы жумсалды. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы тәрепинен агрегатлар саз жағдайда сақланып, аймақтың суўға болған талабын тәмийинлеўге хызмет етпекте.

