Нөкис мәмлекетлик техника университети жаслары халықаралық фестивальда жеңимпаз болды
221

Ташкент қаласында 30 ға шамалас түрли жарыс ҳәм таңлаўларды ҳәм 14 мыңнан аслам жасларды өзинде қамтыған «Келешек инженерлери» халықаралық фестивалы өткерилди.
Онда Нөкис мәмлекетлик техника университетиниң студент-жасларынан ибарат команда Гуманоид роботлар бағдары бойынша «OSIYO» инновациялық жойбары менен 1-орынды ийеледи.
Халықаралық төрешилер тәрепинен жоқары баҳаланған командаға 20 миллион сум муғдарындағы ақшалай сыйлық ҳәм арнаўлы кубок тапсырылды.
Сондай-ақ, университет командасы Жаңа әўлад автомобильлери бағдары бойынша да сыйлы 2-орынды қолға киргизип, 50 миллион сум муғдарындағы ақшалай сыйлыққа мүнәсип деп табылды.