Нөкис мәмлекетлик техника университети жаслары халықаралық майданға шықпақта

Нөкис мәмлекетлик техника университети студентлери Ташкент қаласында өткерилген «Келешек инженерлери» фестивалы шеңбериндеги «Uzbekistan FIRST Championship 2026» технологиялық таңлаўында табыслы қатнасып, жоқары нәтийжеге еристи.
Атап айтқанда, университеттиң «Nukus Tech Robotics» командасы өзиниң айрықша қәбилетин көрсетип, Қытайда болып өтетуғын «FIRST Tech Challenge China Championship 2026» жарысында қатнасыў ушын рәсмий жолламаны қолға киргизди.
Соны да айрықша айтыў керек, таңлаў робототехника, программаластырыў ҳәм инженерлик бағдарларын қамтып алған болып, онда қатнасыўшылар өзлери жаратқан роботлар арқалы арнаўлы ўазыйпаларды орынлаў, инновациялық техникалық шешимлер ислеп шығыў ҳәм жәмийетте ислесиў көнликпелерин көрсетиў ушын имканият майданына айналды. Бул жарыс жаслардың заманагөй технологиялар тараўындағы билим ҳәм потенциалын раўажландырыўға хызмет етеди.