5 жыл жумыс стажына ийе ҳаял-қызларға усыныснама қашаннан басланады?

Ҳүрметли ҳаял-қызлар!
✔️Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 16-сентябрьдеги ПҚ-286-санлы қарары орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жылы жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ушын төмендеги категориядағы ҳаял-қызларға усыныснамалар бериў процеси Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы әмелге асырылыўы белгиленген:
- қәнигелиги бойынша кеминде бес жыл мийнет стажы бар, бирақ, жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар (қосымша төлемли-контракт тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде таңлаўда қатнасыў ушын).
- жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар (қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде таңлаўда қатнасыў ушын).
Ҳәзирги ўақытта бул хызметлерди системада толық ҳәм сапалы жолға қойыў бойынша техникалық сазлаў ҳәм әмелиятқа енгизиў жумыслары жуўмақланбақта.
📌Усы мүнәсибет пенен, усыныснама алыў ушын арзаларды қабыллаў мүддетлери ҳәм тәртиби жақын күнлерде рәсмий каналлар арқалы қосымша түрде жәрияланады.