Қарақалпақстан паражүзиў тарийхында жаңа бет ашылды
182

Усы жылдың 1-3-май күнлери Франция мәмлекетинде спорттың пара жүзиў түринен Жәҳән чемпионаты өткерилди.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан Шахноза Ережепбаева барлық қарсыласларына имканият қалдырмады. Усы тийкарда финишке биринши болып жетип келген жерлесимиз алтын медальды жеңип алды.
Соны да айрықша айтыў керек, бул нәтийже менен Шахноза Қарақалпақстан пара жүзиў тарыйхында жаңа бет ашты ҳәм дәслепки ең жоқары нәтийжени қолға киргизди.