Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 24-октябрьдеги 673-санлы қарарына муўапық, халықтың турақ жайларының энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша жаңа система енгизилди.

🔹Енди үйиңиз энергия аудитинен өткериледи. Қәнигелер үйиңизде энергия қай жерде артықша жумсалып атырғанын анықлап береди.
❗️Ең әҳмийетлиси - бул тексериў қәрежетлери 100 процент мәмлекет тәрепинен қапланады.
🔹Буннан кейин, үйиңизде энергияны үнемлеў ушын мәмлекет финанслық жәрдем көрсетеди.
🔹Егер сиз қуяш панеллери ямаса басқа да үскенелерди орнатсаңыз, қәрежеттиң 20 процентине шекемги бөлегине субсидия ажыратылады.
➡️ Мәселен, егер 10 миллион сумлық үскене орнатсаңыз - шама менен
2 миллион сумға шекем мәмлекет қаплап береди.
🔹Ыссылық насослары ушын болса 40 процентке шекем субсидия бериледи.
🔹Яғный 10 миллион сумлық үскене ушын 4 миллион сумға шекем жәрдем алыў мүмкин.
❗️Әмелде бул субсидия муғдары белгиленген норма ҳәм лимитлер шеңберинде қолланылады.
📌 Буннан тысқары, турақ жайларды энергия нәтийжели етиў ушын "жасыл оңлаў" кредитлери арқалы финанслық ресурслар бериледи. Бул кредитлер турақ жайларда ыссылықты сақлаў, энергия жумсалыўын азайтыў ҳәм заманагөй үнемлеўши үскенелерди орнатыўға бағдарланған.
🔹 Егер кредит процент ставкасы 19 проценттен жоқары болса, мәмлекет проценттиң усы шегарадан артқан бөлегин қаплап береди. Бирақ қаплап бериў муғдары 4 проценттен артпаўы белгиленген. Бул арқалы кредит жүги бираз жеңиллестириледи ҳәм халық ушын төлем шараяты қолайласады.
🖌Барлық процесслер - арза бериў, субсидия алыў ҳәм кредит рәсмийлестириў - бирден-бир санлы платформа арқалы әмелге асырылады. Система электр, газ ҳәм кадастр мағлыўматлары менен байланысқан болып, барлық процесслер автоматикалық ҳәм ашық-айдын тәризде тексериледи.